Усы жыл 12-февраль күни Ташкент педиатриялық медицина институтының Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2018-жыл 27-сентябрьдеги қарары менен тастыйықланған илажлар режесине муўапық, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қабыл етилген нызам нормаларын кеңнен түсиндириў мақсетинде оқыў семинары болып өтти.

Оған Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясының, газета ҳәм журналлардың, интернет сайтлардың басшылары ҳәм журналистлер қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы О.Атаниязова, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң ағзасы Т.Норбаев, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов, Журналистлер аўқамының баслығы К.Реймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, быйылғы жылдың май айында болып өтетуғын сайлаў ҳәм оның әҳмийети, алдыңғы сайлаўлардан өзгешелиги, бул бойынша нызамшылыққа енгизилген жаңа өзгерислер туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнге шекем бул тараўдағы сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н ҳәм олардың кеңесгөйлерин сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық әмелге асырылып келинген еди.

Өткен жылы Ҳәрекетлер стратегиясының «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырылыўы белгиленген Мәмлекетлик бағдарламаның 42-бәнтинде пуқаралар жыйыны баслығы ҳәм оның кеңесгөйлерин сайлаў процесин жетилистириўге қаратылған нызам жойбарын ислеп шығыў белгиленгенин атап өтиўимиз тийис.

Усыған муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир қатар депутатлары тәрепинен «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў жетилистирилгенлиги себепли Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарлары таярланып парламентке киргизилди ҳәм усы нызамлар 2018-жылдың 15-октябрь күни қабыл етилди.

Усы нызамларға муўапық кеңесгөйлердиң пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) менен бир ўақытта сайланыўының алдын алыў мақсетинде нызамшылықта қолланылған «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)» сөзлеринен кейин келетуғын «ҳәм олардың кеңесгөйлери», деген сөз шығарып тасланды.

Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)ның ўәкиллик мүддети 2,5 жылдан 3 жылға созылды. Сайлаўлардағы пуқаралардың ўәкиллигиниң минимал нормасы сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың 12 процентинен кем болмаўы белгиленди. Бунда пуқаралардың ўәкиллерине талаплар қойылды. Яғный, олар белгили дәрежеде шөлкемлестириўшилик қәбилетке, турмыслық тәжирийбеге ҳәм халық арасында абырай-мәртебеге ийе болыўы тийис.

Пуқаралардың өз қәлеўин еркин билдириўде кери тәсири инабатқа алынып, усы жылдың май айында болып өтетуғын пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўларда жаңадан жасырын даўыс бериў системасы енгизилди.

Улыўма алғанда, қабыл етилген Нызам пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге, пуқаралар жыйынының кадрлар дәрежесиниң өсиўине ҳәм мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин арттырыўға хызмет етеди.

Семинар қатнасыўшылары сайлаў, өзин-өзи басқарыў уйымлары туўралы пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(Ө.Есбергеновтың түсирген сүўретлери)