Республика Гидрометеорология орайның хабар бериўинше, 13-февраль күни  Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, айырым орынларда жаўын-шашын болады, думан түсиўи мүмкин. Шығыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, батыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Түнде 0-5 дәреже суўық, күндиз 3 дәреже жыллы болыўы  күтилмекте.

ӨзА