Кеше Пекин ўақты менен 19.00-19.30 да Қытай космослық аппараты «Чанъэ-4» ҳәм Айда өзи жүретуғын қурылма «Юйту-2» «уйқы» режимине өткен.

Қытай Айды изертлеў бағдарламасы мәлимлемесинде атап өтилиўинше, усы жол менен космослық үскенелер Жердиң тәбийғый жолдасында болып атырған қатты суўық түнлерге шыдай алады.

Усы жылдың 3-январында «Чанъэ-3» аппараты Айдың Қубла полюс бассейни – Эйткендеги Карман кратерине тарийхый қоныўды әмелге асырған еди. Өткен ўақыт даўамында бул аппарат Ай қәддинде бир қатар ўазыйпаларды атқарды. Соның ишинде, Жердиң тәбийғый жолдасында дәслепки рет шигит өндириўге еристи, турақлы сүўретлер жиберди.

Қытай космослық басқармасының мағлыўматларына бола, «Чанъэ-4» 1-мартта, «Юйту-2» 28-февральда «уйқы» режиминен шығады.

ӨзА