Төрткүл районлық ишки ислер бөлими тәрепинен «Қәўипсиз қала – қәўипсиз аймақ» концепциясы шеңберинде алып барылып атырған илажлар – жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге, жынаятшылықтың ҳәм ҳуқық бузарлықлардың алдын алыўға қаратылған. Бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде «жол картасы» ислеп шығылған.

Бундай илажларды алып барыўда бир ғана жол ҳәрекети қәўипсизлиги тәрепинен райондағы транспортлар көп қатнайтуғын көшелерде, айырым кесилиспелерде 16 светофор болса, соның 13и цифрлы диодлы светофорларға өзгертилди. Соның менен бирге, үлкен көшелердиң бирине заманагөй түрдеги 8 видеобақлаў камералары қурылды. Бул камералардан келип түсетуғын көринислерди турақлы бақлап барыў ушын ишки ислер бөлиминиң нәўбетшилик бөлимшесинде қадағалаў мониторинги орнатылды.

Бундай кең көлемли илажлар қәўипсизлик қағыйдаларын бузған шахсларды жедел анықлаўда, автоавариялардың өз ўақтында алдын алыўда нәтийжели болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги