Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының Жиззақ ўәлаятлық кеңеси, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў басқармасының басламасы менен шөлкемлестирилген гөш, мийўе, өсимлик майы, картошка, гүриш, пияз, гешир ҳәм таза ишимлик суўынан ибарат жәми 12 тонна азық-аўқат өнимлерин жәмлеген автокәрўан Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районына жол алды.

– Бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилген «Аралбойы регионын абат етиўге өз үлесимизди қосайық» атамасындағы үгит-нәсиятлаў илажлары электоратымыз ўәкиллерин бийпарық қалдырмады, – дейди партияның ўәлаятлық кеңесиниң баслығы Эркин Холматов. – Олар Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында ҳәм Аралбойы регионында жүзеге келген экологиялық жағдайдың кери ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм сапластырыўға жәрдемлесиў, Арал апатшылығынан жәбир көрген халыққа әмелий жәрдем көрсетиўге шын кеўилден, бийминнет жәрдем қолын созыўға қарар етти. Депутатлар, партиямыздың белсендилери менен биргеликте Аралбойы регионында сексеўил ҳәм басқа да шорға шыдамлы өсимликлер егиў илажларына жетип барған көмекшилер ушын азық-аўқат өнимлерин жәмледик.

586de72f87dff.jpg

Бул азық-аўқат өнимлерин мәнзилге жеткериў ушын жолға түскен белсендилер қатарында ўәлаяттың мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы ўәкиллери де бар. Олар да көмекшилер ушын шөлкемлестирилетуғын өзиниң мәдений бағдарламалары менен ийгиликли иске өз үлеслерин қосыўды нийет еткен.

Мәмлекетимизде Аралбойы регионында экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды, халықтың жасаў шараятларын жақсылаўға, Арал теңизиниң экологиялық апашылығының ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған уллы әмелий жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул машқала бүгинги күнде ҳеш бир адамды бийпарық қалдырмай атыр.

И.Аввалбоев, ӨзА