«Қәўипсиз қала» концепциясына муўапық ҳәм Нөкис қаласында жәмийетлик тәртипти сақлаўда аймақты бақлап барыў арқалы тийисли шөлкемлерге оператив хабар жеткериў және пуқараларға ҳуқықый мәсләҳәт бериў мақсетинде Нөкис қаласында бес орынға  мобиль постлар қойылды.

Олар Орайлық дийқан базарында, Беруний көшесинде, 26-киши район П.Сейтов көшесинде, Наўқанбағ МПЖ аймағында ҳәм Тақыятас проспекти жанындағы «Граф» рестораны жанында жайласқан.

Постлар компьютер техникалары, радио және телефон байланысы, видиобақлаў қурылмалары ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинленбекте.

Бундай постларды және үш орында шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги