Сибир федерал университетиниң доценти Геннадий Шведов қурамында никел элементи болған жаңа минерал түрин ашты.
Бул ҳаққында РИА Новости Сибир федерал университетиниң баспасөз хызметине тийкарланып хабар етти.
Атап өтилиўинше, жаңа минералдың ашылғаны Халықаралық минералогия ассоциациясы тәрепинен январьда рәсмий түрде тән алынған.
Мәлим болыўынша, Шведов жаңа минералды Австрия, АҚШ, Канада, Италия, Германия ҳәм Уллы Британияның илимпазлары менен Байкал көли аймағындағы минералларды үйренип атырған ўақтында анықлаған. дәслеп табылманы көлдиң ҳүрметине «байкалит» деп атамақшы болады. Бирақ, бул атама еле рәсмий түрде тән алынбаған басқа бир жаңа минералға берилгени ушын Шведов минералы «огнитит» атамасын алды.
Огнитит сульфодузлар класына кирип, оның формуласын NiBiTe тәризинде жазыў мүмкин. Жаңа минералдың қурамында никел 14,85, висмут 52,87, теллур 32,28 процентти қурайды.
Малоҳат Ҳусанова, ӨзА