Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  елимизде ғалабалық спортты раўажландырыў, талантлы спортшыларды тәрбиялаў, заманагөй спорт объектлерин қурыў мәселелерине айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-июньдеги «Денетәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў  илажлары ҳаққында»ғы қарары менен қабыл етилген бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде спорт мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, спорт объектлерин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў, үскенелеў ҳәм қайта үскенелеў жумысларына айрықша итибар қаратылмақта.

Бизиң республикамызда да жас әўладтың денетәрбия менен турақлы шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылып, өткен жылдың өзинде бир объектте реконструкциялаў жумыслары алып барылған болса, төрт жаңа объект пайдаланыўға тапсырылды. Бүгинги күни Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қоры тәрепинен  балалар спорт мектеплерине улыўма баҳасы 2 миллиард 607,5 миллион сумлық заманагөй инвентар ажыратылып,  орынларда қәнигелердиң қатнасында тапсырылмақта.

– Президентимиз тәрепинен жаслар арасында денетәрбия ҳәм спортты үгит-нәсиятлаў, халықтың саламатлығын беккемлеў, жас әўладты саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға қаратылып атырған итибар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қорының директоры Сансызбай Сапарниязов. – Өткен жылы реконструкцияланған Елликқаладағы жүзиў бассейнине, Шымбай, Әмиўдәрья, Қараөзек районларындағы жаңадан қурып питкерилген жүзиў бассейнлерине 62 атамадағы, улыўма баҳасы 1 миллиард 500,6 миллион сумлық, Нөкис қаласындағы, Беруний, Төрткүл, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Нөкис, Кегейли ҳәм Тахтакөпир районларындағы 19 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери қосымша 48 атамадағы улыўма баҳасы 1 миллиард 106,7 миллион сумлық заманагөй инвентарлар менен тәмийинленди.

– Бундай итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз, дейди Мойнақ районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң директоры Лепесбай Есбергенов.Мектебимизге Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қоры тәрепинен  46 улыўма баҳасы 91 миллион 517,6 мың сумлық заманагөй инвентарлардың берилиўи жас спортшыларымызды қуўанышқа бөлемекте. 2017-жылы жергиликли бюджет тәрепинен ажыратылған 174 миллион сум есабынан  ағымдағы оңлаў жумыслары алып барылған мектебимизде балалар спорттың 8 түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Мектебимиздиң тәрбияланыўшысы Турдыбай Сейтмуратов кураш бойынша Ҳиндстан мәмлекетинде болып өткен Азия чемпионатында биринши орынды ийелеген болса, Дәўлет Жумабаев, Дәўлет Сейтжановлар бокс бойынша,  Сабрина Узақбаева кураш бойынша Өзбекстан чемпионаты ҳәм Кубогы жарысларында сыйлы орынларды ийелеўге еристи. Волейболшы қызларымыз Қарақалпақстан сайланды командасының қурамына қабыл етилди. Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қоры тәрепинен жаңа инвентарлардың берилиўи тәрбияланыўшыларымыздың арасынан усындай спортшылардың еле де көплеп жетилисип шығыўына хызмет етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.