Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен пайтахтымыздағы академиялық лицейлер ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде билим алып атырған жетекшилердиң тәжирийбелерин арттырыў, сондай-ақ, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылдың 15-январь ҳәм 15-февраль күнлери аралығында «Жетекшилер тәжирийбесин арттырыў айлығы» жәрияланды.

Бул айлық шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен арнаўлы жоба тийкарында илажлар шөлкемлестирилмекте.

Усы жылдың 9-февраль сәнесинде мектеп ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериндеги пресс-клуб жетекшилери ушын журналист этикасы ҳәм журналистика сырлары, сондай-ақ, социаллық тармақларда жумыс алып барыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў мақсетинде Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы, сондай-ақ, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хаткери Ислам Матеков пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда жетекшилер ушын интернет ҳәм интернет журналистикасының жүзеге келиўи, оның өзгешеликлери, социаллық тармақлардың ҳәзирги күндеги әҳмийети ҳәм мүмкиншиликлери, жаслар арасында информациялық қәўипсизликти тәмийинлеў, информациялық ҳүжимлерден қорғаныў жоллары бойынша кең түрде түсиниклер ҳәм әмелий көнликпелер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги