Мойнақ районында болып атырған жаңалықларды сәўлелендирип атырған New Muynak City каналының мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта районда улыўмалық баҳасы 6 млрд сумды қурайтуғын «Мойнақ темир-бетон өнимлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысы жуўмақланыў алдында болып, февраль айының ақырына шекем иске қосылыўы жобаластырылған.

Сондай-ақ, жойбарлық баҳасы 3,5 млрд сумм болған гербиш ислеп шығарыў заводының қурылыс жумыслары қызғын алып барылмақта.

Район халқының нан ҳәм нан өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, сапалы өнимлер менен тәмийинлеў мақсетинде «Мойнақ дока нан» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўмалық баҳасы 1,5 млрд сумлық нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў цехының қурылысы басланды. Мағлыўматларға қарағанда, бул жойбар март айында иске қосылыўы жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги