Ташкенттеги Симпозиумлар сарайында 2-ноябрь күни елимизге рәсмий сапар менен келген Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң баслығы Дмитрий Медведев басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.
Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкимети баслығы Д.Медведев Өзбекистан менен Россия арасындағы көп қырлы қатнасықлар өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним руўхында избе-из раўажланып атырғанын, еки мәмлекет басшыларының ушырасыўларында ерисилген келисимлер бунда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти.
Еллеримиздиң бирге ислесиўи Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама, Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнама ҳәм басқа да бир қатар ҳүжжетлер тийкарында жаңа басқышқа шықты. Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевтың усы жыл апрель айында Россияға мәмлекетлик сапары, октябрь айында Сочи қаласында болып өткен ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңеси мәжлиси шеңберинде Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасыў өз-ара қатнасықларды анық әмелий мазмун менен байытқаны атап өтилди.
Еллеримиз арасындағы байланыслар министрлик ҳәм ведомстволар бағдарында да раўажланып бармақта. Кейинги ярым жылда ҳүкиметлераралық дәрежеде жигирмаға жақын сапарлар әмелге асырылды. Бул саўда-экономикалық, инвестициялық мәдений-гуманитар ҳәм басқа да салалардағы еки тәреплеме пайдалы байланысларды буннан былай да жеделлестириў ушын кең имканиятлар ашты.
Ушырасыўда Өзбекистан менен Россия арасындағы саўда-экономикалық байланыслар, әсиресе, аўыл хожалығы, азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў, санаат кооперациясы тараўларында жеделлескени атап өтилди.
Еки ел ҳүкиметлериниң рәсмий делегациялары қатнасыўындағы кеңейтилген сөйлесиўлерде Өзбекистан менен Россия арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.
Илаж жуўмағында Өзбекистан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы ҳүкиметлери, министрлик ҳәм компаниялары арасында оннан аслам ҳүжжетке қол қойылды. Соның ишинде, нефтьти қайта ислеў, банк-қаржы, инвестиция, саўда, санаат, автомобиль қурылысы, илим, сыртқы миграция ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы меморандум ҳәм келисимлер қабыл етилди.
Дмитрий Медведев басшылығындағы делегация Мустақиллик майданына барып, еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиз нышаны болған Еркинлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.
ӨзА