Усы жылы рейтингте қатнасатуғын мектеплердиң дизими анық болды, деп мәлим етти Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баспасөз хызмети.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халық билимлендириў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен Мәмлекетлик инспекцияға улыўма билим бериў мәкемелериниң жумыс нәтийжелигин баҳалаўшы өлшемлери (рейтинг индикаторлары)н тастыйықлаў, 2019-жыл 1-январьдан баслап районлар ҳәм қалалар кесиминде таңлаў тийкарында улыўма билим бериў мәкемелериниң рейтингин дүзиў, рейтинг жуўмақларын ғалаба хабар қуралларында, Мәмлекетлик инспекцияның веб-сайтында кейинги оқыў жылы басланыўынан кешиктирмей жәриялаў ўазыйпасы жүкленген.

Бул тапсырмалардың орынланыўы бойынша 2019-жыл 30-январь күни Мәмлекетлик инспекция ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң видеоселектор мәжилиси болып өтти. Мәжилисте усы жылы рейтинг процесине тартылатуғын улыўма билим бериў мәкемелерин таңлап алыў, рейтингке байланыслы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў, билимлендириў мәкемелеринде социаллық сораўлар өткериў, қадағалаў жумыслары өткерилетуғын пәнлер ҳәм қадағалаў түрлери белгилеп алынды.

Еслетип өтемиз, мектеплер рейтинги ҳаққында бурын мағлыўмат берип өтилген еди.

Мәжилис қарарына бола, усы жылы төмендеги 3 көрсеткишлер (индикаторлар) бойынша мектеплер рейтинги дүзиледи:

– «9-класс оқыўшыларының билим дәрежесиниң көрсеткиши»;

– «Жоқары ҳәм биринши категориялы оқытыўшылардың үлеси»;

– «Социаллық сораў нәтийжелери».

Белгиленген тәртипке бола, рейтингте қатнасыў ушын Республика бойынша Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы барлық район (қала)лардан орташа 10 процент мектеплер таңлап алынады. Таңлап алынған ҳәр бир мектептиң биреўден 9-класы шек таслаў жолы менен сынақларда қатнасады және сол сынақларға жәми 30 мың оқыўшының қатнасыўы күтилмекте.

Усы жылы рейтингке тартылатуғын улыўма билим бериў мәкемелериниң дизими олардын улыўма санына салыстырғанда 10 процент муғдарында район (қала)лық халық билимлендириў бөлимлери тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланады.

Улыўма орта билим бериўдиң мәмлекетлик билимлендириў стандартына муўапық, улыўма билим бериў пәнлерин үйрениўдиң А2 таяныш дәрежесинде белгиленген талап бойынша 9-класс оқыўшылары ушын рейтинг өткериўде «Ана тили» пәнинен 125-140 сөзден ибарат диктант жазылыўы ҳәм «Математика» пәнинен 4 есап ҳәм 1 мәселеден ибарат жазба жумыс алыныўы белгиленди.

Улыўма билим бериў мектеплериниң рейтингин анықлаў бойынша аймақлық жумысшы топарлар қурамы мәмлекетлик инспекциясы хызметкерлери, халық билимлендириў министрлигиниң аймақлық басқармалары ҳәм район (қала)лық халық билимлендириў бөлимлериндеги билимлендириў сапасы мониторинги секторы хызметкерлеринен ибарат болады.

Сондай-ақ, оқыўшылар тәрепинен жазылған диктант ҳәм жазба жумыслар Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен ислеп шығылған баҳалаў өлшемлери тийкарында экспертлер тәрепинен тексериледи.

Соның менен бирге 2019-жылдан баслап улыўма билим бериў мәкемелери 9-класс питкериўшилериниң билим дәрежеси PISA халықаралық баҳалаў бағдарламасының талапларына муўапық баҳаланыўы тәжирийбе-сынақ тәризинде әмелге асырылады.

Мәмлекетлик инспекцияның баспасөз хызметиниң мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта мектеп рейтингине мөлшерленген веб-бети үстинде жумыслар алып барылмақта. Онда өткен жылғы жоқары билимлендириў орынларының рейтинг нәтийжелери жәрияланған вебпорталы (http://reyting.tdi.uz) платформасынан пайдаланылыўы режелестирилген.

2019 – оқыў жылында рейтинг процесинде қатнасатуғын улыўма билим бериў мәкемелериниң

 ДИЗИМИ

 
1.JPG
2.JPG
3.JPG
4.JPG
5.JPG
6.JPG
7.JPG
8.JPG
9.JPG
10.JPG
11.JPG
12.JPG

 

ӨзА