Россия Федерациясының «Россия сегодня» халықаралық хабар агентлигиниң басламасы менен 2019-жыл 5-7-февраль күнлери Москва қаласында аўған қарам-қарсылығын шешиўге бағышланған пресс-тур шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Аўғанстаннан журналистлер қатнасты.

Илаж шеңберинде журналистлер дәслеп Пүткилроссия жаўынгер-ветеранлардың «Боевое Братство» жәмийетлик шөлкеми ҳәм усы атамадағы музейде болып, олардың жумысы менен танысты.

Хабарыныз бар, жақында Өзбекстан «Veteran» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспеси дүзилгениниң 25 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимизде салтанатлы илажлар болып өтти. Усы көз-қарастан пресс-тур шеңбериндеги илажлар ишинде «Боевое Братство» жәмийетлик шөлкеминдеги ушырасыў айрықша әҳмийетке ийе болды.

«Боевое братство» жәмийетлик шөлкеми түрли келиспеўшиликлер ҳәм әскерий урысларда хызмет еткен жаўынгер-ветеранлар, урыс майыплары, қаза тапқан жаўынгерлердиң шаңарақ ағзаларының социаллық-ҳуқықый мәплерин қорғаў мақсетинде шөлкемлестирилген. Бүгинги күнде шөлкемниң жумысы халықаралық көлемде тән алынып келмекте. Ол 2005-жылы Халықаралық ветеранлар федерациясы ағзалығына қабыл етилген.

– Күни кеше Ташкентте болып, Өзбекстан  «Veteran» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспесиниң 25 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажларда қатнасып қайттым, – дейди «Боевое Братство» жәмийетлик шөлкеми баслығының орынбасары Геннадий Шорохов. – Ашығын айтыў керек, Өзбекстанда урыс ветеранларына айрықша итибар ҳәм ғамхорлық көрсетилип атырғанынан кеўлимиз толды. Бул көплеген мәмлекетлер ушын ҳақыйқый үлги боларлықтай. Президент Шавкат Мирзиёевтиң урыс ветеранларына көрсетип атырған ҳүрмети, мәмлекет тәрепинен берилип атырған жеңилликлер жаўынгер-ветеранларды руўхландырды.

Илаж соңында «Боевое братство» жәмийетлик шөлкеминиң баслығы Борис Громов ҳәм журналистлердиң қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Оннан кейин музей бойлап экскурсия шөлкемлестирилди. Музейдеги экспонатлар арқалы түрли жыллардағы тынышлық ушын гүрескен мәрт перзентлер еске алынады. Қатнасыўшыларға бүгинги күнде өмир сүрип атырған ветеранларға көрсетилип атырған жәрдем ҳаққында мағлыўматлар усынылды.

Пресс-тур шеңберинде Россияның жетекши хабар агентликлеринен бири – «Россия сегодня»ға саяхат шөлкемлестирилди.

«Россия сегодня»ның халықаралық мультимедиалық баспасөз орайында ушырасыў болып өтти. Онда агентлик тарийхы ҳәм жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Сол жерде аўған қарама-қарсылығын шешиўдеги сөйлесиўлерди ҒХҚда сәўлелендириўге байланыслы жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Илаж қатнасыўшыларына агентликтиң заманагөй хабар қуралларының өзгешеликлери, түрли топарлар менен ислесиўдеги тәжирийбеси, медиатопар сайтында шығарылатуғын хабарларды таярлаў, қайта ислеў ҳәм тарқатыўдың өзине тән формалары ҳаққында айтып берилди.

«Sputnik»,  «РИА Новости» хабар агентликлериниң сайтлары ушын материаллар таярлаў ҳәм узатыўдағы алдынғы тәжирийбе, агентлик жумысының заманагөй көринисте шөлкемлестирилгени, жумыс процесиндеги ашық-айдынлық ҳәм дослық орталығы қатнасыўшыларға мақул болды. Тәреплер мәлимлеме сиясатының актуал бағдарлары бойынша бир-бири менен тәжирийбе алмасты.

Журналистлер агентликтиң спорт, фото редакциялары, сондай-ақ, хабарлар лентасы ушын материаллар таярлаў бөлиминде болып, олардың жумысы менен танысты. Бул жерде таярланатуғын мәлимлеме-таллаў материаллары пүткил дүнья бойлап күни-түни эфирге узатылады.

Ашық сөйлесиў көринисинде өткен ушырасыўда «Россия сегодня»дағы жаңалықларды сайлап алыў, материалларды таярлаўдағы оперативлилик, профессионаллық қатнас жасаў, редакциялардың бағдарлары ҳаққында сораў-жуўаплар болды.

Пресс-тур жуўмағында Россия Федерациясының Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик комитетиниң ағзасы Франц Клинцевич ғалаба хабар қуралларында аўған қарама-қарсылығы темасын сәўлелендириўде заманагөй қатнас жасаў бойынша өз пикир ҳәм көзқарасларын билдирди.

photo5393472338516880202.jpg

photo5395316455739861483.jpg

photo5395316455739861485.jpg

photo5395316455739861486.jpg

photo5395316455739861490.jpg

photo5395316455739861494.jpg

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы.

Москва-Ташкент.