Усы жыл 5-февраль күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Пәраўан шаңарақ-жәмийет раўажланыўының тийкары» атамасында брифинг өткерилди.

Илажда усы басқарманың баслығы М.Утепбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң Секретариат баслығы Г.Бақиева, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бас қәнигеси А.Келимбетова шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының мазмун-мәнисине, «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткен бир жыл даўамында исленген жумыслардың нәтийжесине ҳәм алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде аналықты ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў, оларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты беккемлеўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Конституциясында бир баптың толығы менен шаңараққа бағышланыўы, 1998-жылы «Шаңарақ» Кодексиниң қабыл етилиўи муқаддес дәргай есапланған шаңарақтың қаншелли әҳмийетли екенлигинен дәрек береди.

Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманы менен Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети жанындағы «Оила» илимий-әмелий орайы тийкарында Министрлер Кабинети жанында өз алдына «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм оның аймақлық басқармалары шөлкемлестирилди. Орайдың Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық бөлимлери тәрепинен өткен бир жыл даўамында «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет» концептуаллық идеясын турмысқа енгизиў, «Шаңарақ жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында» конституциялық принципин кеңнен үгит-нәсиятлаў, ерте неке қурыўдың ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылды.  Атап айтқанда, республикамыз бойынша шаңарақлар үйренилип, аўыр турмыс шараятында жасап атырған, тынышсыз және машқалалы, ажырасыў алдында турған ҳәм жас шаңарақлардың базасы қәлиплестирилди ҳәм  оларға мәпдар шөлкемлер менен биргеликте тийисли жәрдем көрсетилди. Ажырасып жүрген және судқа арза берген жубайлар менен алып барылған әмелий жумыслардың нәтийжесинде өткен дәўир ишинде 708 шаңарақты жарастырыўға, соның ишинде 145 шаңарақ ағзаларының судтан арзасын қайтарып алыўына ерисилди.

Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, шаңарақтағы келиспеўшиликлерди шешиўдиң ҳуқықый ҳәм психологиялық тийкарларын үйретиў, ажырасыўлардың алдын алыў, шаңарақтағы руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў  ҳәм басқа да мәселелер бойынша кадрлардың қәнигелигин арттырыў, оларды қайта таярлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм басқарма тәрепинен дүзилген  үш тәреплеме шәртнама тийкарында «Болажақ келин-күйеўлер» инновация мектеби шөлкемлестирилип, өткен жылдың декабрь айында оның дәслепки тыңлаўшыларына сертификатлар тапсырылды. Соның менен бирге, жаслар арасында шаңарақтың муқаддеслигин үгит-нәсиятлаў, үлгили шаңарақларды үлги етип көрсетиў бағдарында аймақларда  «Биз некеден ажырасыўларға қарсымыз»,  «Ибратлы шаңарақ» атамасында турақлы түрде таңлаўлар, ушырасыўлар ҳәм дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилип барылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы тәрепинен усы жылдың 25-январынан 6-февраль күнлери аралығында  «Пәраўан шаңарақ-жәмийет раўажланыўының тийкары» атамасында үгит-нәсият он күнлиги деп жәрияланған еди. Усы илаж шеңберинде өткерилип атырған брифингтиң мақсети, «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық бөлимлери тәрепинен өткен бир жыл даўамында исленген жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў, алдағы ўақытлары бирге ислесиў болып табылады.

Илажда журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.