Өзбекстанда алкоголь ҳәм темеки өнимлерин билимлендириў, спорт ҳәм диний мәкемелерден туўры сызық бойынша 200 метрден аслам радиуста (ҳәзирги ўақытта бул аралық 500 метрди қурайды) жайласқан саўда объектлеринде сатыўға рухсат бериледи. Бул ҳаққында Газета.uz хабар берди.

Сондай-ақ, бул өнимлерди улыўмалық саўда майданы мың квадратметрден аслам болған саўда комплекслери (базарлары) ҳәм ярмарка павильонларында реализациялаўға рухсат бериледи.

Президенттиң 5-февральдағы пәрманында еки ай мүддетте усы пәрман талапларын есапқа алған ҳалда, атап айтқанда, төмендегилерди нәзерде тутатығын «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Өткен жылдың жазында «Өзшарапсанаат» компаниясы жәриялаған президент қарарының жойбарында алкоголь ҳәм темеки өнимлерин билимлендириў, спорт ҳәм диний мәкемелерден 100 метрден аслам аралықта сатыўға рухсат бериў усыныс етилген еди. Газета.uz өткерген сораўнамада қәнигелер бул қарарды «артқа қәдем» сыпатында баҳалаған еди. Кейин ала жойбар жаңаланды – аралық 200 метрге шекем узайтылды және темеки өнимлери ҳаққындағы ескертиў қосылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги