Елимизде Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Бундай ийгиликли ислер  биринши гезекте пуқараларымыздың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўлары ушын абадан турмысын тәмийинлеўге, перзентлериниң бахытлы келешеги ушын хызмет етпекте.

Деген менен, бүгинги күни ҳүким сүрип турған тынышлығымызды, жәмийетимиздеги әдиллик нормаларын бузатуғын айрым иллетлер де орын алмақта. Солардың бири коррупция болып табылады. Бул иллетке қарсы гүресиў, оның алдын алыў бойынша мәмлекетимизде нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Елимиз 2008-жылдың 24-июнь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясына қосылған болса, 2017-жылдың 4-январь күни Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Усы ҳуқықый ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «2017-2018-жылларға мөлшерленген Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарлама» қабыл етилди.  Солай екен, бул иллетке қарсы гүресиў тек ҳуқық қорғаў уйымларының ғана емес, кең жәмийетшиликтиң әҳмийетли ўазыйпаларының бири болып табылады.

Қараөзек районлық Әдиллик бөлими тәрепинен ҳәкимлик,  ҳуқық қорғаў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте мийнет жәмәәтлеринде, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында, оқыў орынларында дөгерек сәўбетлери ҳәм ушырасыўлар өткерилип, оларда бул иллеттиң унамсыз ақыбетлери турмыслық мысаллар менен түсиндирилип, видео роликлер қойып берилмекте. Бундағы мақсет, халқымыздың, соның ишинде жасларымыздың билип-билмей жынаятқа араласып қалыўының алдын алыў, оларды коррупцияға қарсы биргеликте гүресиўге шақырыў болып табылады. Әлбетте, бундай тәсиршең үгит-нәсият жумыслары өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Айбек ТӨРЕЕВ,

Қараөзек районлық Әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси.