Мойнақ районында Аралбойы аймақларында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар нәтийжели түрде даўам етпекте.

Ҳәзирги ўақытта Арал теңизиниң қурыған ултанына сексеўил егиў, тоғайзарлық пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң структуралары, республикамыздың қала ҳәм районларының Тоғай хожалықлары ҳәм Абаданластырыў басқармасының хызметкерлери, сондай-ақ жергиликли турғынлар сексеўил туқымын жыйнаў жумысларын әмелге асырмақта.

Соның ишинде, Аралбойы аймақларында таярланған туқымларды қалталаў ҳәм участкаларға жеткериў, егиў жумысларына тартылған  техникалар жәрдеминде сексеўил туқымын егиў ушын қарықлар жарыў, арнаўлы техникалардың жәрдеминде сексеўил егиў жумыслары әмелге асырылмақта.

Мойнақ районындағы оператив штаб тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 2-февраль күнги өткерилген илажларға жәми 1252 адам, соннан 200 адам таярланған туқымларды қалталарға жайластырыў жумысларына, 987 адам егислик орынларды таярлаў ҳәм егиўге қатнасқан. Соның 533и елимиз ўәлаятларынан келип жумыс ислеп атырғанлар болып есапланады. Сондай-ақ, 65 адам Арал бойындағы участкаларға отын қорын шөлкемлестириў ушын отын таярлаў жумысларын ислемекте. Усы жумысларға, жәми 547 техника ҳәм 2 самолёт тартылған.

Бүгинги күнде сексеўил егиў ушын жәми 580830 гектар жер майданы таярланды. Соның 200070 гектарына 742950 килограмм сексеўил туқымы егилди.

АН-2 самолёты жәрдеминде 129150 гектар жерге 388350 килограмм сексеўил туқымы себилди.

Ҳәзирги күнге шекем жәми 861000 килограмм сексеўил туқымы таярланды. Соннан жергиликли халық тәрепинен 254000 килограмм сексеўил туқымы жыйналған. Олардың мийнет ҳақылары өз ўақтында берилмекте. (2 миллиард 372 миллион сум төленген).

Бул жумысларға жәрдемге келген ўәлаятлар исшилериниң де қосып атырған үлеси үлкен. Атап айтқанда, усы күнге шекем Наўайы ўәлаяты 103100 килограмм (69900 кг келди), Бухара ўәлаяты 196700 килограмм (51300 кг келди), республикамыздың басқа районлары 173100 килограмм (80200 кг келди), Қашқадәрья ўәлаяты 35900 килограмм сексеўил туқымын таярлаған.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.