Орайлық Банк Пул-кредит сиясаты департаментиниң директоры Беҳзод Ҳамроев Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы 16 процентке өзгериўсиз қалғанлығын айтып өтти.
Оған себеп инфляцияның прогнозға қарағанда төмен болғанлығы, яғный мийўе-овощ өнимлериниң баҳасы өткен жылға қарағанда көтерилмеген.
Сондай-ақ, экономикада долларизация төменлеп, сумға исеним артпақта. Бул пикир банклердеги сырт ел валютасындағы депозитлердиң аманатлардағы үлеси өткен жылға қарағанда 6 процентке төменлеп, 30 процентти қурағанында өз дәлийлин таппақта.
Атап айтқанда, январь айының 30 күнинде банклергде 770 миллиард сум депозитлер қойылған болып, егер де инфляция кризиси болса адамлар пул жыйнамаған, ал оннан сатып алыў мақсетинде пайдаланған болар еди.
Инфляция пәтиниң төмеўнлеўи даўам етип атырғаны, экономикалық жеделлик асып баратырғаны, әлбетте, қуўанарлы. Себеби өткен жылы инфляция дәрежеси 16-17 процент деп прогноз етилген еди. 2018 жылдың жуўмағы бойынша инфляция дәрежеси 14,3 процентти қурады.
Усы жылдың өткен бир айында болса банктиң орынлардағы үйрениўлери нәтийжеси инфляция дәрежесиниң 1,4 процентке тең екенин көрсетпекте. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўиринде 2,7 процентти қураған.
Инфляцияның ең жоқары болған дәўири көп жағдайларда жылдың биринши шерегине туўра келетуғынын атап өтиў орынлы. Усы ўақытта болса турақлылық бақланбақта.
Көпшилик 100 мың сумлық купюраның шығыўы инфляцияны күшейтиўи мүмкин, деген пикирде болыўы мүмкин.
Бирақ, Орайлық банк өткерген брифингте дизайны жақын күнлерде тастыйықланыўы күтилип атырған таза пул бирлиги инфляцияның артыўына емес, керисинше, оның төменлеўине унамлы тәсир көрсететуғыны атап өтилди.
Ири болған бул пул жыйналып барыўға қолайлылығы менен бир ўақытта адамлардың доллар жыйнаўға болған қызығыўшылығын төменлетиўи шамаланбақта.
Сайёра ШОЕВА, ӨзА