Астана, 8-июнь. ӨзА арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Урозов хабарлайды.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзи ушын ажыратылған резиденцияда Пәкистан Ислам Республикасы Бас министри Навоз Шариф пенен ушырасты. Ушырасыўда тийкарғы итибар мәмлекетлеримиз ортасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыў перспективалары, регионаллық қәўипсизликти беккемлеў мәселелерине қаратылды.
Өзбекистан Пәкистанның ШБШға ағза мәмлекет сыпатында қабыл етилиўин қоллап-қуўатлап, шөлкемге басшылық етиўи дәўиринде бул мәселеге айрықша итибар қаратты.
Мәмлекетлеримиз халықаралық майданда бирин-бири қоллап-қуўатлап келмекте. Өзбекистан ҳәм Пәкистан ортасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да тараўларда мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық 50 ге жақын ҳүжжетке қол қойылған. Мәмлекетимизде Пәкистан менен биргеликте шөлкемлестирилген 55 кәрхана хызмет көрсетпекте.
Өзбекистан Пәкистанға пахта талшығын, тери шийкизатын, транспорт ҳәм туризм хызметлерин экспорт етеди. Пәкистан мәмлекетимизге дәри қураллары, химия ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип береди, транспорт хызметин көрсетеди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Пәкистан менен көп қырлы ҳәм өзара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың тәрепдары екенин атап өтти.
Пәкистан Бас министри Навоз Шариф Пәкистан Өзбекистан менен барлық салаларда бирге ислесиўди және де кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди.