Халқымыздың қосық атқарыўшылық өнеринде бүлбилзибан Даўытбай Қайыпов салған из оғада әҳмийетли болып табылады. Балалағынан усы бийтәкирар талант ийесиниң қосықларын тыңлап өскен, оны өзине руўхый устаз деп санаған Рудакий Алланбаев өспирим жасына келе миллий колоритимизге бай Д.Қайыпов атқарған қосықларды атқарыўға, оның дөретиўшилигин еле де үгит-нәсиятлаўға бел байлады. Ең әҳмийетлиси, оның жыллар даўамындағы тынымсыз дөретиўшилик мийнети өз нәтийжесин берди. Ғәрезсизликке ерискен дәслепки жыллардан баслап усы ел сүйген инсанның ҳүрметине өткерилип киятырған Республикалық «Бүлбилзибан» III таңлаўында сыйлы биринши орынды алыўға миясар болды…
Инсанның руўхый дүньясын байытып, оны жақсылыққа талпындырыўда көркем өнердиң, соның ишинде, қосық атқарыўшылық өнериниң орны салмақлы болып табылады. Жағымлы намаға есилисе түскен ширели ҳаўаз ҳәр бир кеўилде гөззаллық сезимлерин уялатады.
Қоңыратлы педагог Орынбай Алланбаев пенен Зәрипа Үббишованың шаңарағы да мине, усы өнердиң нағыз ықласбенти болыў менен бирге, аўыл-аймақтағы кишигирим жыйынлар менен миллий байрамларда қарақалпақ халық ҳәм белгили дөретиўшилердиң қосықларын биргеликте атқарып, бәзимлердиң жарасығы болды…
«Болар бала бес жасынан белгили», дегендей үйиндеги ҳәр қыйлы миллий саз-әсбапларға сүйсинип өсип есейе келген перзентлериниң генжетайы Рудакийдеги талант ушқынлары Орынбай ағаны қуўанышқа бөледи. Себеби, ол өз ул-қызларының арасынан усы өнерге ықласлы бир таланттың шығыўын, оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды жүдә-жүдә қәлейтуғын еди. Әкесиниң сазенде досты Тилек ағаның үйине қыдырып келгенин Рудакий ҳеш ядынан шығармайды. Себеби, сонда Тилек аға оған бир неше қосықларды үйреткен, зейини өткир жас баланың келешегине үлкен исеним билдирген еди.
Нурхожа Баянов атындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебине оқыўға келген Рудакий дәрҳал музыка пәни оқыўшыларының нәзерине түсип, оған бул бағдарда Марзия Артиқова устазлық етти. Жас нәлшениң туңғыш қәдемлери сәтли басланып, ол мектеп сахнасында, район көлеминдеги көркем өнер байрамларында атқарған қосықлары менен усы кишкене жәмәәттиң, район халқының итибарын өзине тартты. Устазларының, ата-анасының ҳәм қоңсы аўылда жасайтуғын дайы Үббиш атасының қоллап-қуўатлап марапат бериўи оны және де жаңадан-жаңа қосықларды үйрениўге талпындыратуғын еди.
Аўылдың кең жайлаўларында шопан таяғы менен мал айдап, Даўытбай Қайыповтың қосықларын бәлент лапызда атқарып жүрген өспирим жигиттиң ҳаўазын қаншадан-қанша тыңлаўшылар қупыя тыңлап, таң қалысып, бәрекәлласын айтпады дейсиз. Оның ҳаўазына, ҳәттеки, аўылдың сулыў тәбияты да қосылып, гөззал намалар менен марапатлап турғандай, қолындағы шопан таяғы болса, оған алдағы ўақытта таяқ емес қолына дуўтар алып өз талантын еле де жетилистириўге, бул бағдарда алыс пайтахтқа силтеп турғандай сезилетуғын еди…
Көкиреги көркем өнер деп сайрап турған өспиримниң талантын сыннан өткерген Консерваториядағы тәжирийбели устазлар оның келешегин дәрҳал болжады. Нәтийжеде Рудакий Өзбекистан Мәмлекетлик Консерваториясына оқыўға қабылланды. Бакалавр ҳәм магистратура бағдарларында өз қәнигелиги бойынша билим алыў барысында халық артистлери С.Қабулова менен Н.Қашимовтан, сондай-ақ, дөретиўшилик мийнет жолы даўамында Өзбекистанда хызмет көрсеткен артистлер Қ.Комилов, Ҳ.Ражабов, Ш.Пирматов және Өзбекистанда хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Лутфуллаевлардан ҳәр қыйлы жанрдағы профессионал атқарыўшылықтың сырларын үйренип барды.
Сахна менен байланыслы қосық атқарыўшылық өнерин терең меңгериўде халық айнасы болған театрдың орны оғада гиреўли болып табылады. Студентлик пайыттан-ақ Ә.Наўайы атындағы опера ҳәм балет театрында өзиниң дөретиўшилик мийнет жолын баслаған Р.Алланбаев театр сахнасында дүнья ҳәм өзбек классикалық дөретпелеринде өзиниң актёрлық ҳәм опера атқарыўшылық шеберлигин сынап көрди. «Әмир Темур» операсында – Пирмуҳаммад, «Олеко»да – Олеко, «Ригалетто»да – Барон, «Майсараның ҳийлеси»нде – Ҳажы дарға, «Улуғбек ҳәдийсеси»нде – Сайд Аббаз ҳәм басқа да рольлери усылардың қатарына киреди.
Р.Алланбаевтың репертуарында дүнья ҳәм өзбек классикалық қосықлары менен бирге қарақалпақ халық қосықлары, соның ишинде, Д.Қайыповтың қосықлары тийкарғы орынды ийелейди. Ол мине, усы қарақалпақ халық қосықларын халқымызға, әсиресе, келешек әўладқа үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип келмекте. Атап айтқанда, Д.Закиров атындағы Өзбек миллий халық сазлары оркестри менен биргеликте жигирмадан аслам қарақалпақ халық қосықларын оркестр ушын қайта ислеп атқарып шықты ҳәм ол атқарған қосықлар дәстеси республикалық алтын фондқа жазып алынып, ҳәзирги күнде Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан радио-телевидениелери бағдарламаларынан ылайықлы орын алып келмекте.
Сондай-ақ, ол 2015-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында қосық қумар халқымызға өзиниң «Ғәрезсиз Ўатаным» атлы туңғыш жеке концерт бағдарламасын инам етти ҳәм сол жылы Биринши Президентимиз тәрепинен елимизде ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў жумысына қосқан үлкен үлеси және жасларды Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық, саламат турмыс тәризи принциплери руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.
«Устазы жақсының – устамы жақсы», дегендей бир неше таңлаўлардың жеңимпазы Рудакий Алланбаев мине, он бес жылға шамалас ўақыттан берли Өзбекистан Мәмлекетлик Көркем өнер ҳәм мәденият институтында өзиниң дөретиўшилик билимлери, жыйнаған мол тәжирийбеси тийкарында студентлерге вокаль сырларын жалықпастан үйретип киятырған әдиўли устазлардың бири болып табылады. Шебер педагог, талантлы көркем өнер хызметкериниң көпшилик шәкиртлери Россия, Молдавия, Украина, Әзербайжан ҳәм Қазақстан мәмлекетлеринде болып өткен қосық атқарыўшылар таңлаўларының лауреатлары болды. Сондай-ақ, «Шуҳрат» медалының ийеси белгили актриса Д.Кубаева, С.Жанахметов ҳәм «Элдиго» топарының дөретиўшилери де Р.Алланбаевты устаз сыпатында жоқары ҳүрмет етеди. Олардың арасында елимиздиң көркем өнеринде өз орнына ийе журтласымыз актёр М.Үсенов пенен хошҳаўаз актриса Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист С.Аннақулова, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Б.Жуматаев ҳәм басқа да өсип киятырған жас талантлылар бар.
Миллий нама-қосықларымыз халқымыздың баслы өзиншелик белгилеринен болып, бул дөретпелердиң халқымыздың, келешек әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы хызметлери оғада әҳмийетли. Ҳақыйқый перзентлер өз илҳам-йошы менен туўған елин жырлар екен, халқы да өзин улығлаған перзентлерин ҳеш ўақытта умытпайды.
Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы мүнәсибети менен Рудакий Алланбаевқа өзиниң нәтийжели дөретиўшилиги менен халқымызды, әсиресе, жас әўладты ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы жемисли мийнетлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист атағы берилди.
– Көркем өнер тараўындағы мийнетлеримди баҳалап, усы жоқары сыйлықты маған мақул көргени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Қеңесине, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине ҳәм туўған халқымызға терең миннетдаршылық билдиремен. Қарақалпақ халық қосықларын еле де үгит-нәсиятлаўдан, бул бағдарда Ўатанымыздың ғәрезсизлик жырларын дүньяға ен жайдыратуғын шәкиртлер таярлаўдан ҳеш шаршамайман, – дейди жақын күнлерде «Түркистан» көркем өнер сарайында болып өтетуғын гезектеги жеке концерт бағдарламасына қызғын таярлық көрип атырған Р.Алланбаев.
Өзбекистан мәмлекетлик Көркем өнер ҳәм мәденият институты «Вокаль» кафедрасының доценти Р.Алланбаев ҳәзирги ўақытта өмирлик жолдасы Сабохат Йулдошева менен еки перзентти тәрбиялап кәмалға келтирмекте. Сөзимиздиң жуўмағында биз дерлик жигирма шылға шамалас ўақыттан берли Ўатанымыздың Ғәрезсизлик, Наўрыз ҳәм басқа да мәдений-сиясий байрамларында өзиниң қосықлары менен Өзбекистан көлеминде, соның ишинде, Қарақалпақстанда белсене қатнасып киятырған журтласымыз, талантлы қосықшымыздың алдағы дөретиўшилик жумысларында жаңадан-жаңа жетискенликлер тилеймиз.
Ч.ЕЛМУРАТОВ
Қарақалпақстан хабар агентлиги