Астана, 8-июнь. ӨзА арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Урозов хабарлайды.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-июнь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын Астана қаласына келди.
Өзбекистан Президентин Астана халықаралық аэропортында Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Асқар Мырзахметов ҳәм басқа да рәсмий ўәкиллер күтип алды.
Саммитте ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары шөлкемниң бүгинги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыў перспективаларын талқылаўы, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли машқалалары бойынша пикир алмасыўы күтилмекте.
Мәжилисте Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер ортасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, ШБШ искерлигин кеңейтиў, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў, сондай-ақ, терроризм ҳәм диний эксремизмге қарсы гүрести күшейтиў мәселелери де талқыланады.
Астана қаласында ШБШның Ташкент саммити қарарларын әмелге асырыў бойынша Ҳиндстан ҳәм Пәкистанды шөлкем ағзалығына қабыллаў процеси жуўмағына жеткизилиўи режелестирилген.
Саммит шеңберинде Президентимиздиң бирқатар делегациялар басшылары менен ушырасыўлары нәзерде тутылған.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында EXPO – 2017 қәнигелестирилген халықаралық көргизбениң рәсмий ашылыў мәресиминде де қатнасады.