Өткен 2018-жыл Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты турмысында үлкен өзгерислер ҳәм жақсы жаңалықларға, табысларға бай жыл сыпатында из қалдырды.

Президентимиздиң 2018-жыл 5-июньдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардағы белсене қатнасын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде институт ҳәм көплеген сырт ел жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиў жолға қойылды.

Институт Япония, Англия, Қубла Корея, Беларусия, Россия сыяқлы дүньяның жетекши мәмлекетлериндеги 50 ге шамалас жоқары оқыў орынлары менен турақлы бирге ислесип келмекте.

Бир ғана илимий изертлеў жумысларына тоқталатуғын болсақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Үргениш мәмлекетлик университети жанындағы илимий кеңестиң дәслеп институтта жумыс алып барыўы ҳәм жас илимий излениўшилер ушын жаратылған шараятлар нәтийжесинде өткен 2018-жыл даўамында институттың 2 профессор-оқытыўшысы илим докторы (DSc) ҳәм 16 оқытыўшысы философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыўға еристи.

Өткен дәўирлерге нәзер таслай отырып, институтта 2016-жылы 2 оқытыўшы, 2017-жылы да 2 оқытыўшы илимий дәрежеге ийе болғанын есапқа алсақ, өткен 2018-жылдағы қолға киргизилген бул нәтийжени жоқары деп баҳалаўға болады.

Илимий жумысларда қолға киргизилип атырған бундай табыслар нәтийжесинде 2018-жыл жуўмақлары бойынша институттың илимий дәрежелилиги 29,4% ти қурады.

Институтта педагог хызметкерлердиң илимий потенциалын арттырыў ҳәм бул арқалы сапалы кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге үлкен дыққат қаратылмақта. Бул бағдардағы раўажланыўлар еле де даўам ете береди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.