Пайтахтымыздан 450 километр узақ аралықта жайласқан «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде жаңа көриниске ийе болмақта.
Жаңадан ашылған мәденият сарайы аўыл халқының руўхый дем алатуғын орайына айланды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен тастыйықланған бағдарлама тийкарында бул аўыл халқы ушын түрли мәдений илажлар, ушырасыўлар ҳәм театрластырылған тамашалар турақлы түрде өткерилип келинбекте.
Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жәмәәти усы посёлкалық пуқаралар жыйынында дөретиўшилик сапарда болып, аймақ балалары ушын Г.Мақсудова авторлығындағы, режиссёр Қ.Қалилаев тәрепинен сахналастырылған, дослық ҳәм ўатансүйиўшилик идеяларын өзинде сәўлелендирген «Гүлде бүлбүл сайрайды» қуўыршақ спектаклин қойып берди.
Спектакль балалар тәрбиясы ушын жүдә әҳмийетли болып, балаларды мийнет етиўге, әдеп-икрамлы болыўға, тәбиятты қәстерлеўге, дослық қатнасықта болыўға, жақсылық етиўге шақырады.
Балалар кеўилли дем алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги