Адамзат тарийхында биринши мәрте Айдың екинши тәрепине Қытайдың «Чанъэ-4» автоматластырылған космослық кемеси қонды. деп хабар етпекте bbc.com сайты.
3-январь күни Қытай ўақты менен саат 10:26да қонған бул космос кемеси тарийхта биринши мәрте айдың екинши тәрепине сәтли қоныўы.
Космос аппараты Айдың кери тәрепиндеги қоршаған орталықты, үстиңги қабатын, топырағын изертлеўге арналған қураллар менен тәмийинленген болып, «Чанъэ-4» айдың бетинде биологиялық экспериментлер өткереди.
Соны айрықша атап өтиў керек, интернет тармақларында айдың арғы тәрепиниң дәслепки сүўретлери тарқалып үлгерди.