Быйыл корейс миллети ўәкиллериниң елимизге келип қоныс басқанына 80 жыл, Өзбекистан ҳәм Корея Республикалары дипломатиялық байланысларының орнатылғанына 25 жыл толды.

Усы мүнәсибет пенен республикамыздағы Корейс миллий мәдений орайының шөлкемлестириўинде пайтахтымызда ушырасыў кешеси болып, оған үлкемизде жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайлардың ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илаж миллий мәдений орайлардың көргизбеси ҳәм корейс халқының турмысы  ҳаққындағы ҳүжжетли фильм менен басланды.

Ҳәзирги  ўақытта республикамызда 6 мыңға шамалас корейс миллети ўәкиллери аўызбиршиликте татыў турмыс кеширмекте.

Ушырасыў кешеси үлкен концерт бағдарламасы  менен жуўмақланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Әлеўов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги