Сыртқы ислер министрлигиниң 2018-жылғы жумысының жуўмақларына бағышлап өткерилген әнжуман журналистлер қатнасыўындағы ашық диалог түринде даўам етти.
Әнжуман шеңберинде Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары И.Неъматов Өзбекстан-Ҳиндстан қатнасықлары ҳаққында тоқтап өтип, журналистлерге Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жылдың январь айында Ҳиндстанның Гужорат штатында болып өтетуғын «Белсенди Гужорат 2019» илажаларында қатнасатуғыны ҳаққында айтып өтти.
«Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Ҳиндстанға мәмлекетлик сапарлары даўамында Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди мәмлекетимиз басшысын «Белсенди Гужорат 2019» илажларында қатнасыўға мирәт еткен ҳәм бул Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен қанаатланыўшылық пенен қабыл етилген еди», деди министрдиң биринши орынбасары.
И.Неъматовтың атап өтиўинше, бул ири илаж Ҳиндстанда дәстүрий түрде өткерип келинеди. Мәмлекет басшылары, бас министрлер ҳәм министрлер дәрежесиндеги шахслар қатнасатуғын форумда елимиздиң экспорт потенциалы, миллий өнимлери, туристлик потенциалы көрсетиледи.
Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзА