Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында Мойнақ районында усы жылдың 24-25-октябрь сәнелеринде «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық қосықлар ҳәм намалар фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы өткериледи.
Илажды өткериўдеги мақсет Мойнақ районының экономикалық турақлылығын тәмийинлеў, район халқының жасаў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди Арал бойы аймағының мәдений-тарийхый мийраслары менен таныстырыў болып табылады.
Фестивальға сырт еллерден көплеген туристлер ҳәм бәрше ўәлаятлардан делегациялар қатнасыўы күтилмекте. Дәслеп Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде илаждың ашылыў салтанаты ҳәм илимий-әмелий конференция болып өтеди. Илаж қатнасыўшыларына Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрының симфониялық оркестриниң концерт бағдарламасы инам етиледи, соң мийманлар мўзейдиң биринши ҳәм екинши блокларында жайласқан экспозицияларды тамаша етеди.
Күнниң екинши ярымында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрында Қашқадәрья ўәлаятлық театрының «Тәнҳә қайық» атлы спектакли қойып бериледи.
Илаж қатнасыўшылары Мойнақ районындағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Көк суў» көли бойында болып өтетуғын «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалына, сондай-ақ, райондағы Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында өтетуғын Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық дөретиўшилик-музыкалық фестивалына және бурынғы теңиз жағалаўы, яғный «Корабллер қойымшылығы»нда өтетуғын «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивальға қатнасады.
Илаж шеңберинде район халқы менен ушырасыўлар, Арал балықларынан 99 түрли тағам таярлаў бойынша таңлаў ҳәм концерт бағдарламалары болып өтеди. «Арал балықларынан тағамлар», «Балықтан ең жақсы тағам», «Балық тағамының ең жақсы рецепти», «Балық тағамының ең жақсы көркем-өнер шығармасы», «Ең сүйикли балық тағамының асханасы», «Ең жақсы аспаз», «Балықтан тағам таярлаў бойынша ең тәирийбели үй бийкеси», «Ең жас балық аспазы» атамасындағы таңлаў номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги