Усы жыл  22-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығына бағышланған «Уллы ойшыл, кең көркем пикирлеў ийеси»  атамасында илимий-теориялық конференция болып өтти.

Илажды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, жазыўшы туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Буннан кейин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти А.Досымбетова «Ш.Айтматов ҳәм қарақалпақ әдебияты», филология илимлериниң кандидаты П.Нуржанов «Қарақалпақ прозасында Ш.Айтматов дәстүрлери», филология илимлериниң кандидаты Ж.Сағидуллаева «Ш.Айтматов аўдармаларының қарақалпақ әдебиятына тәсири» атамасында баянат жасады.

Атап өтилгениндей,  Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар сыяқлы миллий мәдениятымыз бенен әдебиятымызды раўажландырыўға, дөретиўши инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, жаслар арасында китапқумарлықты арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы еки жыл ишинде дөретиўши инсанларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды улығлаў, өзлериниң баҳалы шығармалары менен халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға үлес қосып киятырған миллий әдебиятымыз, сондай-ақ туўысқан халықлар дөретиўшилиги ўәкиллериниң исмин мәңгилестириў бағдарында жумыслар жаңа басқышқа көтерилип бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-апрельдеги «Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы ийгиликли ислерден есапланады. Мине усы қарар тийкарында елимиз бойлап жазыўшының 90 жыллығы кеңнен белгиленип, барлық орынларда белгили жазыўшы-шайырлар, илимпазлардың қатнасында түрли илажлар шөлкемлестирилмекте.  Соның менен бирге, сәне мүнәсибети менен «Шыңғыс Айтматов ҳәм Өзбекстан» атамасындағы естелик китабының баспадан шығарылыўы, жазыўшының шығармалары тийкарында жаңа спектакльлердиң сахналастырыўы, Ташкент қаласының орайлық көшелериниң бирине жазыўшының атының бериўи ҳәм естелигиниң орнатылыўы елимизде Шыңғыс Айтматовқа деген жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың көриниси болып табылады. Әлбетте бул илажлар туўысқан қырғыз халқы менен тығыз қоңсышылық, дослық ҳәм әдебий байланысларды буннан былай да беккемлеўде, дөретиўши инсанлар арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўде айрықша орын ийелейди.

Шыңғыс Айтматов тек ғана қырғыз халқының емес, соның менен бирге, пүткил дүнья халықлары әдебиятында орны салмақлы болған дөретиўши инсанлардан бири есапланады. Ол қырғыз әдебиятының ең жақсы дәстүрлериниң жәҳән көлеминде танылыўына салмақлы үлес қосқан, тәкирарланбас дөретиўшилиги менен өзине тән мектеп жаратқан уллы талант ийеси болып табылады. Жазыўшы қалдырған бай руўхый мийрас халықларымыздың турмысында бәрқулла айрықша әҳмийетке ийе болып, оның ҳәр бир шығармасы бизди сергекликке, қәлбимизди, руўхый дүньямызды пәкликке шақырып турады.  Оның  «Бетпе-бет», «Жәмийла»,  «Қызыл шалғышлы дилбарым»,  «Биринши муғаллим», «Ана Жер-Ана», «Ыразы бол, Гүлсары»,  «Ақ параход», «Ерте келген тырналар»,  «Теңиз бойлап жортқан тарғыл көпек»,  «Боранлы бәндирги»,  «Әсирге татырлық күн»,  «Кассандра таңбасы». «Таўлар қулаған мәҳәл» шығармалары дүнья халықларының бир нешше тиллерине аўдарылды.  Жазыўшының бийтакирар дөретиўшилиги мәмлекетимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, «Дўстлик» ҳәм «Буюк хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланды.

Бүгинги күни Президентимиз басшылығында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы ҳәр тәреплеме байланыслар жақсы жолға қойылмақта. Бул өз гезегинде еллеримиздиң социаллық-экономикалық жақтан еле де раўажланыўында, әдебий ҳәм мәдений байланыслардың кеңнен ен жайыўына хызмет етпекте.  Буның айқын мысалы сыпатында, театрларымыз репертуарларының жазыўшының шығармалары тийкарында сахналастырылған жаңа спектакльлер менен байытылыўы,  усы жылдың 12-17-ноябрь күнлери аралығында Бишкек қаласында болып өткен «Ш.Айтматов шығармалары театр сахналарында» атамасындағы халықаралық фестивальға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти «Лувр үйреги» спектакли менен қатнасып үшинши,  15-20-ноябрь күнлери  Ташкент қаласында болып өткен «Дебют-2018» V республикалық фестивалына усы спектакль менен қатнасып, биринши орынларды ийелеп қайтқанын атап өтиўимизге болады.

Илаж қатнасыўшыларына Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти тәрепинен жазыўшының 90 жыллығы мүнәсибети менен «Жәмийла» повести тийкарында сахналастырылған усы атамадағы спектакль қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.