Сайтымыз арқалы пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Mega Nukus» саўда-кеўил ашар орайы алдына орнатылып атырған жаңа жыл аршасынан фоторепортажды нәзериңизге усынған едик.

Мағлыўматларға қарағанда, саўда-кеўил ашар орайы алдындағы бул арша Қытай Халық Республикасынан алып келинген болып, ени 6 метр, бийиклиги 12 метрди қурайды.

Аршаны орнатыў жумыслары жуўмақланып, оны безеў жумыслары даўам етпекте.

Тез арада сайтымыз арқалы фоторепортажларды дыққатыңызға усынамыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Автордың түсирген сүўретлери.