Усы жыл 19декабрь күни Қараөзек районы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жамансай» участкасында «TITAN CEMENT»  ЖШЖ қоспа кәрханасының биринши гезеги пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қытайдың «Jiangsu Pengfei Group Co. Ltd» компаниясының жетекши қәнигеси Лу Йи, «Өзқурылысматериаллары» акционерлик жәмийети баслығының орынбасары Б.Бабақулов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, «TITAN CEMENT» ЖШЖ қоспа кәрханасының баслығы Б.Панаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа заводтың иске түсиўи менен қызғын қутлықлады.

Бүгинги күни киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, оларға кең мүмкиншиликлер, бир қатар жеңилликлер жаратылып берилмекте. Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26-жыллығына бағышланған мәресимдеги баянатында атап өткениндей,  мәмлекетимиз раўажланыўы ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўдиң ең нәтийжели жолы бул-исбилерменликти қоллап-қуўатлаў екенлигин өмирдиң өзи көрсетпекте.

Жер асты байлықларына бай болған республикамыз кеңиклери бүгинги күни ири өндирис майданына айланбақта. Тийкарғы қурылыс материалы есапланған цемент бурынлары республикамызға шеттен алып келинетуғын болса, енди жаңадан бой тиклеген заманагөй заводларда сапалы өнимлер ислеп шығарылмақта.

Жылына 200 мың тонна өним ислеп шығарыў қуўатлығына ийе «TITAN CEMENT» ЖШЖ қоспа кәрханасының улыўма баҳасы 37,8 миллион АҚШ доллары болып, соннан 16,8 миллион АҚШ доллары Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық байланыслар «Миллий банки»ниң кредити есабынан әмелге асырылды. Жаңа заводтың иске түсиўи менен 280 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленди. Қуўанышлысы, олардан көпшилиги жоқары оқыў орынларын, кәсип-өнер колледжлерин питкерген жаслардан ибарат. Бул жерде ислеп шығарылып атырған өнимлер тек ишки базарымызды тәмийинлеп қалмастан, соның менен бирге қоңсылас Қазақстан, Түркменстан, Тәжикистан мәмлекетлерине экспортқа шығарылады.

-Бүгинги күни мәмлекетиңизде инвесторларға жаратылған шараятлар, берилип атырған жеңилликлер нәтийжесинде бирге ислесиўимиз жақсы жолға қойылмақта,-дейди Қытайдың «Jiangsu Pengfei Group Co. Ltd» компаниясының жетекши қәнигеси Лу Йи.-Жаңа кәрхананың Жаңа жыл байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырылып атырғаны менен де әҳмийетли. Бул жерге автоматластырылған заманагөй үскенелер орнатылған болып, оларды бизиң қәнигелеримиз бенен бирге, жергиликли жаслар басқармақта, келешекте заводтың өндирислик қуўатлылығын еле де арттырыўды режелестирип отырмыз.

Қәнигелердиң атап өткениндей, 2019-2021-жылларда улыўма баҳасы 102,0 миллион АҚШ доллары болған заводтың екинши гезегиниң жойбарын әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Оның иске түсиўи менен қуўатлығы жылына  1 миллион тоннаға жетип, қосымша 785 жаңа жумыс жаратылады.

Ашылыў мәресиминиң соңында заводтың қурылысына белсене қатнасқанларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж қатнасыўшылары заводтың ислеп шығарыў қуўатлылығы, жумысшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген суўретлери