O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Ташкент педиатрия медициналық институтының Нөкис филиалында оқыйтуғын студент жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Оған партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң хызметкерлери, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм партия белсендилери қатнасты.

– Илажды өткериўден тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 26 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги «Билимли әўлад – уллы келешектиң, исбилермен халық – абадан турмыстың, дослық бирге ислесиў болса раўажланыўдың кепили» темасындағы баянатының мазмун-мәнисин жасларға кеңнен түсиндириў болып есапланады,-дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы Қ.Бекназаров. – Себеби, Президентимиздиң баянатындағы халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў жолында ҳәр бир тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәм ендиги жыл ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың әҳмийетин тереңирек түсиниўимиз керек.

Ушырасыўда филиалда оқыйтуғын 150 студент партияға қабыл етилип, оларға ағзалық билетлери тапсырылды.

Сондай-ақ, партияның идеялық мақсет ҳәм бағдарламаларын орынларда үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип киятырған бир қатар жаслар хошаметленди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.