Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Ишки тутыныў базарын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилленген түрде толтырыў, қалалар ҳәм районлардағы дийқан базарларын, ири саўда комплекслери ҳәм халық тығыз жасайтуғын мәҳәлле гүзарларында арнаўлы ярмарка саўдаларын шөлкемлестириў есабынан баҳалардың турақлылығын сақлаўды тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 7-декабрьдеги усы мазмундағы мәжилис баянламасы тийкарында республикамыздың барлық орынларында саўда ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.

Атап айтқанда, министрликлер, мәкемелер ҳәм хожалық бирлеспелери, Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 26 жыллығы байрамланған күни ҳәм жаңа жыл алдынан ишки тутыныў базарларында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм баҳаларды турақлы сақлаў, халықтың байрам дастурханын кең ассортименттеги өнимлер менен толтырыў мақсетинде «Азық-аўқат өнимлери ярмаркалары»н шөлкемлестирмекте. Ярмаркалар ендиги жылдың 5-январына шекем даўам етеди.

Ҳәзирги ўақытта, ярмаркаларда жәми 26 түрдеги, соннан картошка, пияз, гешир, мийўе ҳәм палыз өнимлери, гүриш, өсимлик майы, мал, қой, таўық гөшлери, тири ҳәм музлатылған балық, мәйек, қумшекер, колбаса, сыр, гөшли консервалар, сүтли консервалар, мийўе ҳәм палыз өнимлеринен исленген консервалар, кондитерлик өнимлер, сары май, маргарин, макарон, цитруслы мийўелер, салқын ҳәм алькогольли ишимликлер арзан баҳаларда сатылмақта.

Нөкис қаласында өткерилип атырған ярмаркалар «Нөкис дийқан базары» АЖда, «Жипек жол Дәрбент» ЖШЖде, «Көк өзек» МПЖ дағы «26-киши район»да, «Халлыхан» ЖШЖде, «Нөкис дийқан базары» АЖниң «Гөне қала» МПЖдағы филиалында, «Алмазар» МПЖдағы «Темис-яр» ЖШЖне қараслы дүкан жанында шөлкемлестирилмекте.

Байрам ярмаркаларына жеткерип берилетуғын 1 килограмм мал ҳәм қой гөши 28 мың сумнан сатылмақта. Бул илажларға тартылған хожалық бирлеспелери басшыларының ярмаркаларға жеткерип беретуғын ҳәр бир дана мәйеги 500 сумнан ҳәм 1 килограмм таўық гөши 15 мың сумнан сатылмақта. Кәрханалардың басқа түрдеги өнимлери, ислеп шығарыў баҳаларында.

Сондай-ақ, ярмаркаларда мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлериниң арнаўлы концерт бағдарламалары да шөлкемлестирилип, халыққа байрам кейпиятын бағышламақта.

Соннан, «Нөкис дийқан базары» АЖда шөлкемлестирилген ярмаркада «Беруний мәйек», «Қанлыкөл қус фабрикасы», балық, гөш ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин ислеп шығаратуғын 24 мәкеме ҳәм дийқан-фермер хожалығына өз өнимлерин сатыў ушын орын ажыратып берилген. Пайтахт халқының ең көп келетуғын бул жеринде таң азаннан, қара кешке шекем саўда тынып атырған жоқ.

– Мен Төрткүл районынан келдим. Райондағы «Лочин» шарўа комплексинде ислеймен. Ярмарка басланғанлы берли ҳәр күни шама менен 150 килограммлық салмақтағы бир малды алып келип сойып, оның ҳәр бир килограммын 28 мың сумнан сатып, халыққа хызмет көрсетип атырмыз,-дейди сатыўшы М.Жаңабаев. – «Нөкис дийқан базары» бул ушын барлық шараятларды жаратып берди.

Ярмарка даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

И.Матековтың түсирген сүўретлери.