Республикалық Гидрометеорологиялық орайының хабар бериўинше, 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнги ўақытлары 0-5, күндизги ўақытлары 5-10 градус жыллы болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги