6-декабрь күни Өзбекстан Көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыл толыў мүнәсибети менен «Өзбекстан ғәрезсизлигин бирге қорғаймыз» атамасында жас талант ийелериниң көргизбеси ашылды.
Көргизбеге Нөкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектеби, қәнигелестирилген көркем өнер мектеби, Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының 60 қа шамалас живописьлик, графикалық композициялары қойылды.
Көргизбедеги М.Қайпановтың «Өзбекстан Конституциясы», Д.Аметованың «Конституция-ҳуқық ҳәм имканиятлар», А.Тәңирбергеновтың «Халықлар дослығы», А.Мақсетбаеваның «Мениң ҳуқықларым», М.Муратбаеваның «Нызам-баслы қорғаўшымыз», Р.Наўрызбаевтың «Мениң Конституциям» сыяқлы дөретпелер тематикасы, ислеў техникасы менен бир-биринен айрықшалығы, сюжетлердиң ҳәр түрлилиги, бас нызамымызға болған мақтаныш сезимлерине толы.
– Көргизбеге «Конституциям» атамасындағы графикалық картинам менен қатнасып атырман. Бул жерде теңлеслеримниң дөретпелери менен жақыннан таныстым, – дейди Қарақлпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеби оқыўшысы Азамат Жақсыликов. Келешекте устазым Саламат Бекбаўлиевтың басшылығында тийкарғы нызамымыздың ҳәр бир статьясына байланыслы сүўрет салмақшыман.
Сондай-ақ, картиналарда үлкемиздиң көп әсирлик бай тарийхы менен жақын өтмиши, оның әжайып жетискенликлери менен бирге адамлардың бүгинги пидәкерлик мийнети, жоқары патриотлық сезимлери менен келешекке исенимли қәдемлери талантлы жас художниклер тәрепинен сәўлелендирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги