Әлишер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында «PROlogue – 2018» халықаралық кинофестивалының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Бул илаж Өзбекстан жаслар аўқамы, «Өзбеккино» миллий агентлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, кинематографлар кеңеси және Өзбекстан миллий кинокомиссиясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Халықаралық кинофестиваль дөретиўши жаслардың кәсипке байланыслы  маманлығы ҳәм шеберлигин буннан былай да арттырыў, тараў ўәкиллериниң өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыўында, миллий кинемотографиямыздың жәҳән кино мәканына жедел интеграцияласыўында үлкен әҳмийетке ийе. Төрт күн даўамында қызықлы ушырасыўлар, фильмлер таңлаўлары, шеберлик сабақлары, презентациялар болып өтти. Жерлеслеримиз болса өзбек ҳәм сырт ел режиссёрларының ең соңғы дөретиўшилик үлгилеринен хабардар болды.

– Кинофестивальға берилген фильмлерди таңлап алыўда картиналардың даўамлылығы, дөретиўшилердиң өз ўазыйпасына берилип, шын кеўилден қатнас жасағаны сыяқлы мәселелерге тийкарғы итибар қаратылды, – дейди россиялы кинодөретиўши, халықаралық кинофестивалдың толық метражлы көркем фильмлер таңлаўының төрешилер баслығы Сергей Шакуров. – Бундай жойбарлар жаслардың дөретиўшилик пәрўазында үлкен әҳмийетке ийе.

8 (1).JPG

– Биз қысқа метражлы фильмлерди толық көрдик, – дейди щвейцариялы  актёр Филипп Рейнхардт. – Олардың философиялық идеяларға байлығы, мазмунлылығы менде үлкен тәсир қалдырды. Бул фестивальды жас дөретиўшилер ушын ийгиликли басламалардың прологы деп атаў мүмкин.

– Жәҳән кино әлеминде бес мың әтирапында дөретиўшилик фестиваль бар, – дейди белгили режиссёр Али Ҳамроев. – Мениңше, жаслар әне усы фестивальларға дәдил қатнасыўы мүмкин. Бул сыяқлы фестивальлар жаслардың өзине болған исенимин буннан былай да беккемлейди.

– Мен бул фестиваль жойбары ушын «Мусаввир» атлы фильмди усынған едим, – дейди жас режиссёр Фотиҳ Насимов. – Болып өткен ушырасыўлар, шеберлик сабақлары, жанлы диалоглар, ағартыўшылық илажлары билимлеримизди және де байытты.

9 (1).JPG

13.JPG

«PROlogue – 2018» халықаралық кинофестивалының Гран-при сыйлығына «Мени жалғыз қалдырма» картинасы (Босния ҳәм Герцеговина, Түркия дөретиўшилери менен биргеликте сүўретке алынған фильм) мүнәсип табылды.

– Нәтийже күткенимизден де жақсы болды, – дейди бул фильм режиссёры Айда Бегич. – Урыс, оның аўыр ақыбетлерин жасларға көрсетиў керек еди. Кеўлимизден кешкен идея фестиваль қатнасыўшыларына мақул болғанынан қуўанышлыман.

Сондай-ақ, халықаралық фестивальдың ҳәр қыйлы номинациялары бойынша жеңимпазлар менен сыйлы орын ийелери сыйлықланды.

 

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы