Усы жылдың 30-ноябрь күни намәлим шахс Нөкис қаласында Ж.Б. (атлы қыз)ны күш ислетиў жолы менен қорқытып, «Samsung» маркалы мобиль телефонын тартып алып, ўақыя орнынан жасырынған.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Әмиўдәрья районында жасайтуғын Т.П. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта, деп жазады Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.