Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Композиторлар аўқамы тәрепинен республикамызға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, көрнекли устаз, композитор ҳәм дирижёр Кеңесбай Абдуллаевтың 80 жыллығына бағышлап еслеў кешеси шөлкемлестирилди.
Кешеде Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты, Қарақалпақстан Композиторлар аўқамының баслығы Н.Мухаммеддинов, республикамызға мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси А.Жүзимбетов ҳәм басқалар К.Абдуллаевты еслеп, оның қарақалпақ музыка өнеринде ийелеген айрықша орнын атап өтти.
Ҳақыйқатында да, К.Абдуллаев өзиниң қысқа өмиринде талантлы композитор сыпатында халқымыздың жүрек төринен орын алған жаслық, дослық, Ўатан, мийнет, халық ҳәм пәк муҳаббатты жырлайтуғын терең лирикалық, миллий ырғаққа бай «Жигирма бесте», «Бизге кел», «Неге келмеди» сыяқлы жүзге шамалас намалар дөретти. Ол 1965-жылы Европа еллериниң музыка әсбапы–баянды миллий музыка мәдениятына алып кирип, қарақалпақ музыкасында жаңа бағдарға тийкар салды ҳәм усы әсбапты шебер шерте алатуғын шәкиртлер таярлады.
Белгили дирижёр сыпатында республикамыздағы бир қатар профессионал ҳәм ҳәўескерлер оркестрлериниң көбейиўине, олардың раўажланыўына салмақлы үлес қосты. Әсиресе, мәмлекетлик телерадиокомпаниясы жанындағы халық сазлары оркестриниң бас дирижёры болып ислеген жыллары оркестр репертуарының жаңа шығармалар менен толықтырылыўында, сондай-ақ, халық дөретпелерин радионың алтын фондында жазып қалдырылыўында оғада үлкен дөретиўшилик жумысларды алып барды.
Оның миллий мәдениятымызды раўажландырыўдағы жемисли дөретиўшилик хызметлери жоқары баҳаланып, «Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» атағы ҳәм бир қанша орден, медальлар менен сыйлықланды.
Еслеў кешеси даўамында К.Абдуллаевтың қарақалпақ классик шайырлары Әжинияз, Күнхожа қосықларына ҳәм И.Қурбанбаев, Г.Матьякубова ҳәм басқа да шайырлардың сөзине жазылған намалардан дүзилген концерт бағдарламасынан орын алған қосықларды Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлими «Халық сазлары» оркестри, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң баян аккардеоншылары, оқытыўшылары ҳәм халық қосықшылары атқарды.
К.Абдуллаевтың перзентлери де әке жолын қуўып, қызлары Улбийби ҳәм Аида Абдуллаевалар қарақалпақ қызларының ишинен шыққан биринши профессионал композитор ҳәм симфониялық дирижёр болып жетилисип шықты.
Ол устазлық кәсибин 1955-жылы орта мектепте оқытыўшы болып ислеўден баслап, 1961-жылдан өмириниң ақырына шекем Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер билим журтында жасларға устазлық етти. Бүгинги күнде әжайып устаздан тәлим алған шәкиртлери тек ғана республикамызда емес, ал, қоңсылас мәмлекетлерде де жемисли дөретиўшилик мийнет етип келмекте.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.