Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында Өзбек юморының көрнекли ўәкили Муҳаммад Очил шығармасына тийкарланып жазылған «Мақтаншақ қоян ҳәм тийинниң ғозасы» (Мақтанчоқ қуён ва олмахоннинг ёнғоғи) спектакли сахналастырылды.  

Муҳаммад Очилдиң «Мақтаншақ қоян» шығармасы тәбияттың жанланыўы, турмыстың гүрестен ибарат тәбийғый ҳәрекети шеберлик пенен сәўлеленген шығармаларынан бири болып табылады.

Қашқадәрья ўәлаяты Қуўыршақ театрының дөретиўшилик топары шығармадағы бул идеяларды ҳайўанлар образы арқалы өзине тән көркемлеп сахналастырған ҳәм балалардың қәлбине жеткериўге ҳәрекет етти.

Жаңа спектакльдиң премьерасы алдынан өткерилген ушырасыўда театр қәнигелери, әдебияттаныўшылар, педагоглар қатнасып, оның режиссурасы ҳәм атқарылыў шеберлиги ҳаққында сөз болды. Спектакльдиң қызықлы, балалардың руўхый дүньясына сай тәризде атқарылғаны барлық тамашагөйлерде үлкен тәсир қалдырды.

«Мақтаншақ қоян ҳәм тийинниң ғозасы» спектакли 23-24-ноябрь күнлери аралығында күнине үш мәрте сахналастырылып, балалардың итибарына усынылды.

– Белгили юморист Муҳаммад Очилдиң ҳайўанлар арқалы инсаныйлық пазыйлетлерге айрықша мәни берип жаратқан бул шығармасының сахналастырылғаны ҳәм оның балалар тәрепинен қызғын күтип алынғаны театрымыз жәмәәти ушын әҳмийетли дөретиўшилик жетискенлик болды. Қарақалпақстанға гастроль сапарына келгенимизден мақсетимиз де усы еди – дейди Қашқадәрья ўәлаяты Қуўыршақ театры администраторы Шокир Олимшайх.

– Дөретиўшилик жумысымызда тийкарғы баҳалаўшылар – кишкене тамашагөйлер болып есапланады. Театрдың басқа аймақлардағы жас тамашагөйлери алдына гастроль сапарларын усы шығарма менен даўам етиў нийетиндемиз.

 

М.ПИРНАЗАРОВА.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.