Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 15-20-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында «Дебют-2018» V республикалық фестивалы өткерилди.
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жас режиссёр М.Реймов тәрепинен сахналастырылған Шыңғыс Айтматовтың «Теңиз жағалап жортқан тарғыл көпек» шығармасы тийкарында исленген «Лувр үйреги» спектакли, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жас режиссёр Г.Далиева тәрепинен сахналастырған Ш.Перроның «Қызыл қалпақша» қуўыршақ спектакли менен қатнасты.
Фестиваль жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының жас режиссёры М.Реймов сахналастырған «Лувр үйреги» спектакли биринши орынды жеңип алды.
Еслетип өтемиз, бул спектакль усы жыл 12-17-ноябрь күнлери аралығында Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен «Айтматов ҳәм театр» атамасында өткерилген халықаралық театрлар фестивалында үшинши орынды ийелеген еди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы