Өзбекстанда неке жасы өзгериўи мүмкин. Бул ҳаққында Ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Мукаррам Нурматова мәлим етти, деп жазады Kun.uz сайты.

ӨзАның хабар бериўинше, Ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Өзбекстанда халықтың 98% и шаңарақларда жасаўы ҳәм 7 миллионнан аслам шаңарақлар бар екенлигин айтқан. Шаңарақлардың бузылыўының бирлемши себеби болса материаллық қыйыншылықлар емес. Шаңарақтағы тәрбия, еки жастың этикасы некениң беккемлигине көбирек тәсир етеди.

Неке жасын үлкейтиў бойынша болса ҳаял-қызлар комитети өз усынысларын берген. Комитет баслығы орынбасарының айтыўынша, неке қурыў ушын рухсат етилген ең киши жас еркеклер ҳәм қызлар ушын бирдей – 18 жас етип белгилениўи усыныс етилген. Бирақ, ерте турмыстың унамсыз ақыбетлери үгит-нәсиятланыўына қарамастан айрым ўәлаятларда қызлар 16 жасынан турмысқа узатылмақта.

Еслетип өтемиз, ҳәзирги ўақытта шаңарақ қурыўдың ең киши жасы еркеклер ушын 18, қызлар ушын 17 жас етип белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги