Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис халықаралық аэропортында нураныйлар, зыялылар, ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери менен сәўбетлести. Ашық ҳәм шын жүректен өткерилген сөйлесиў даўамында елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатындағы реформалар, социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз болды. Жыйналғанлар барлық жерлерде ҳәм барлық тараўларда өзгерислер болып атырғаны, буны адамлар өз үйи, мәкан пуқаралар жыйыны, районы мысалында сезип атырғанын атап өтти.

Соның менен, мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапары жуўмақланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги