Қоңырат районындағы «Wunderkinds in Kungirad» мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында шөлкемлестирилген.
Районда пайдаланылмай турған имарат «ноль»лик баҳада алынып, «Өзсанаатқурылысбанк»тиң жеңилликли кредити есабынан заманагөй түрде реконструкцияланды. Балаларды қызықтыратуғын, дүньяға көз қарасын байытатуғын ойыншықлар менен үскенеленген.
Бақшада 90 нан аслам бала тәрбияланбақта. Олардың жақсы тәлим-тәрбия алыўы, дурыс аўқатланыўы, физикалық шынығыўлар менен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Балаларға рус, инглис тиллери интерактив усыллар жәрдеминде үйретилмекте.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА Президент барып көрген усы балалар бақшасынан фоторепортаж таярлады.