Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры кең жәмийетшиликке Өзбекстанның үш музейиндеги машқалаларды анықлаўды усыныс етти. Олардың арасында пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер музейи де бар.

Музейдеги машқалаларды шешиў бойынша кемшилик және усынысларды 13-ноябрьден баслап Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының Facebook ҳәм Instagram социаллық тармақларындағы арнаўлы бетлеринде жазып қалдырыў мүмкин болды.

Қор тәрепинен усыныс етилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм музейлерге саяхатлардың санын көбейтиў ушын бир неше илажлар әмелге асырылыўы жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги