Усы жыл 12-17-ноябрь күнлери аралығында Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен «Айтматов ҳәм театр» атамасында халықаралық театрлар фестивалы өткерилмекте.

Оған пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жазыўшы Ш.Айтматовтың «Теңиз жағалап жортқан Тарғыл көпек» шығармасы тийкарында исленген «Лувр үйреги» спектакли менен қатнаспақта.

Спектакльди сахналастырған ҳәм қайта ислеген жас талантлы режиссёр Мухтар Реймов болып, театр актёрларынан Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист  Базарбай Назарымбетов (Урқан баба), Көпжүрсин Алланазаров (Эмрайын), Бахрам Мақсетбаев (Милхун), Гүлсанем Абатбаева (Кириск), Султан Оразымбетов пенен Диларам Нурыллаевалар (авторлар) өзлерине тапсырылған рольлерин шеберлик пенен атқарып шығыўына исенемиз.

Мағлыўмат орнында соны келтирип өтпекшимиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-апрельде «Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы