2017-жыл 6-июнь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Орайлық банки басқармасы баслығын тайынлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Сенат Кенгашиниң қарарына муўапық Мамаризо Бердимуратович Нурмуратов Өзбекистан Республикасы Орайлық банки басқармасының баслығы болып тайынланды.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының Мәлимлеме хызмети