26-28-октябрь күнлери Ташкент қаласында спорттың регби-7 түри бойынша Өзбекстан кубогы ҳәм чемпионаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан командалар қатнасты. Усы жарысларда ылайықлы қатнаса алған республикамыздың ер балалар ҳәм қызлар сайланды командалары жеңимпазлар қатарынан орын алып қайтты. Олар арасында институтымыздың дене мәденияты факультетиниң студентлери де бар екенлиги биз ушын үлкен мақтаныш.
1996-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы жаслар арасында өткерилген Өзбекстан кубогы жарысларында Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң қызлар командасы қурамында қатнасқан институтымыздың дене мәденияты факультети 3-курс студенти Гүлим Бегманова, 1-курс студентлери Умида Балтабаева ҳәм Гүлназ Утепбаевалар сайланды командамыздың жеңисине мүнәсип үлес қосып, Өзбекстан кубогы жеңимпазы болды.
Соның менен бирге, пайтахтымыздағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң ер балалар командасы қурамында қатнасқан дене мәденияты факультети 1-курс студентлери Айдос Ниязов ҳәм Ерназар Махамбеткаримовлар өз шеберлиги менен сайланды командамыздың Өзбекстан кубогы жеңимпазы болыўына үлкен үлес қосты.
Және бир қуўанышлы тәрепи, ересеклер арасындағы Өзбекстан чемпионатында қызларымыз 2-орынды ийелеген болса, ер балаларымыз сыйлы 3-орынды қолға киргизди.
Спортшы ул-қызларымыздың усындай үлкен жарыста жақсы нәтийжени көрсетиўинде институтымызда спорт пенен турақлы шуғылланыў ушын жаратылған шараятлар ҳәм профессор-оқытыўшылардың берген көнликпелери тийкар болып хызмет етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.