Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, инвестициялық жойбарлардың орынланыў барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 2-3-июнь күнлери Әндижан ўәлаятында болды.
Мәмлекетимиз басшысы 2-июнь күни халықтың дем алыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, илим ҳәм мәдениятты раўажландырыў, жеңил санаат және аўыл хожалығы кәрханаларын шөлкемлестириў, экспортты кеңейтиў жойбарлары менен танысты, жаңа үлги жойбарлар тийкарында қурылған турақ жайларда болып, адамлар менен сәўбетлести. Әндижан ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў бойынша мәжилис өткерди. Бул илажларда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, соның ишинде, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.
Президентимиз 3-июнь күни Әндижан қаласындағы «Ёйилма» мәкан пуқаралар жыйынына барып, мәҳәллениң турмысы менен танысты, адамлар менен пикирлести. Мәкан пуқаралар жыйыны гүзарының қурылыс жойбарын, аймақта әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумысларын көзден өткерди. Бул жерде мәҳәлле баслығы, хаткер ҳәм мәсләҳәтшилер, профилактика инспекторы ушын бөлек хызмет бөлмелери болыўы нәзерде тутылған. Буннан тысқары, китапхана, минимаркет, кекселердиң дем алыў орны, балалар майданшасы, фонтан, тренажёр майданы, шаштәрезхана, «Гөззаллық салоны», нанбайхана қурылмақта.
Мәҳәлле халқы менен пикирлесиўде тынышлық-татыўлықты беккемлеўде, жәмийетлик тәртипти сақлаўда, жасларды ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаўда ҳәм адасқанларды дурыс жолға қайтарыўда нуранийлардың бай тәжирийбесинен пайдаланыў мәселеси туўралы сөз етилди.
Перзентлеримизди балалығынан жақсы минез-қулықты, мәдениятлы етип тәрбиялаўымыз лазым, деди Президентимиз. Бул ушын мүнәсип шараят жаратыўымыз керек. Олар сулыў, абат орынларда жасаса, көп китап оқыса, руўхый дүньясы бай, Ўатанды сүйиўши инсанлар болып камалға келеди.
«Ёйилма» мәҳәллесиндеги 60 тан аслам көп қабатлы жайда 5 мың 800 ден аслам түрли миллет ўәкиллери жасайды. Аймақта 8 балалар майданшасы, мини футбол, баскетбол, футбол майданлары бар. 1 колледж, 1 улыўма билим бериў мектеби, 2 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жумыс алып бармақта.
Президентимиз мәҳәлледеги көп қабатлы жайлар, колледж, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң әтирапын буннан былай да абаданластырыў бойынша жуўапкер адамларға көрсетпелер берди. Мәҳәлле профилактика инспекторы Фаррух Ғаниевтың шаңарағында болды.
Профилактика инспекторларын мәҳәллелер орайында хызмет жайлары менен тәмийинлеп атырғанымыз тегин емес, деди Шавкат Мирзиёев. Профилактика инспекторы жасап, белсендилер менен мәсләҳәтлесип жумыс алып барса, аймақта руўхый орталық жақсыланады, жынаят жүз бермейди. Бул халықтың әдилликке, мәмлекетке, ертеңги күнге исенимин арттырады.
Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 22-ноябрьдеги қарарына муўапық Әндижан қаласында көп қабатлы 37 заманагөй турақ жай салыныўы белгиленген. Бүгинги күнде Султон Жўра атындағы мәкан пуқаралар жыйында 294 шаңараққа мөлшерленген жети көп қабатлы турақ жай қурылмақта.
Бул турақ жайлар биринши гезекте жайға мүтәж адамларға бериледи. Жас шаңарақлардың аяққа турып алыўы, бийғәрез, емин-еркин жасаўы ушын шараят жаратады.
Әндижан қаласында әмелге асырылатуғын дөретиўшилик жумыслардың жойбарлары менен таныстырыў мәресими өткерилди.
Әндижан қаласының бас режесине муўапық қала аймағын кеңейтиў режелестирилген. Көп қабатлы турақ жайлар, билимлендириў, медицина ҳәм спорт мәкемелериниң қурылысы мөлшерленген.
Универсал спорт комплекси солардан бири. Комплекстиң жойбарын жетилистириў, жумысын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди. Комплекс көп тармақлы көплеген спорт түрлерине қәнигелескен болады. Спорт федерациялары усы жерде орналасады. Комплексте халықаралық жарыслар, ғалаба-мәдений илажлар өткериў ушын зәрүр шараят жаратылады.
Президентимиздиң басламасы менен Әндижан қаласында Өзбекистан халық шайыры Муҳаммад Юсуф қыябаны ҳәм мектеби шөлкемлестирилмекте. Бул бағдардағы режелер менен танысыў ўақтында қыябанда Муҳаммад Юсуфтың естелигин орнатыў, мектеп жумысын заман талаплары тийкарында жолға қойыў бойынша усыныслар берилди.
Әндижан қаласында Республикалық қәнигелстирилген кардиология ҳәм Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайларының филиалларын шөлкемлестириў, ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасын, Әндижан мәмлекетлик медицина институтының клиникасын реконструкциялаў ҳәм заманагөй үскенелеў режелестирилген.
Бул емлеўханалар қәнигелескен медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыўда, қыйын хирургиялық әмелиятларды ўәлаяттың өзинде өткериўде, кеселликлерди нәтийжели емлеўде ҳәм олардың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Халықтың турмысы, денсаўлығы менен байланыслы бул емлеўханаларды жедел иске түсириў, ўәлаят районларында олардың субфилиалларын шөлкемлестириў, тәжирийбели қәнигелер таярлаў, профилактика жумысларын күшейтиў бойынша зәрүр көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы ески «Андижонмаш» акционерлик жәмийетинде болды. Бул жерде шөлкемлестирилиўи режелестирилип атырған киши санаат зонасының жойбары менен танысты.
Бос турған жер майданы 19,16 гектар болған бул аймақта шөлкемлестирилетуғын санаат зонасында жеңил санаат, электрокабель, тери-аяқ кийим өнимлери, қапы-ром, мебель, дәри-дәрмақ, пластмасса ҳәм қурылыс материаллары ислеп шығарылады, мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлери қайта исленеди. 2 мың жаңа жумыс орны ашылады.
Санаат зонасында исбилерменлер ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен 127 миллиард сумлық 15 жойбар әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
«Engelberg Group» ЖШЖның жаңа фабрикасы әне усы жойбарлардан бири. Алюмин профилли ромлар ислеп шығарыўға қәнигелескен кәрхана Түркия ҳәм Германиядан алып келинетуғын заманагөй технологиялар менен үскенеленеди. «Роҳат савдо сервис» ЖШЖ тәрепинен суспензиялар, медициналық мазлар, ампулалар, сироп ҳәм таблеткалар ислеп шығарылады.
Президентимиздиң 2017-жыл 23-февральдағы «Исбилерменлердиң өндирис майданларынан пайдаланыўын буннан былай да хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша ўәлаятта избе-из жумыслар алып барылмақта.
Ўәлаяттағы меншиклестирилген ҳәм бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул бағдарда қала ҳәм районларда қосымша хатлаў жумыслары алып барылмақта. Усы күнге шекем 5 мың 697 объект-имарат хатлаўдан өткерилип, олардың 283 и бос екени анықланған. Солардан 210 ында жаңа жойбарлар әмелге асырылыўы режелестирилген.
Президентимизге усынылған жойбарлар киши ҳәм ири ГЭСлер қурыў, газ тәмийнаты системасын жетилистириў, цемент ҳәм ҳәк ислеп шығарыў сыяқлы бағдарларға мөлшерленген.
Булоқбоши районында Қытай технологиясы тийкарында жылына 21 мың тонна химиялық шөктирилген бор өнимин ислеп шығарыўға мөлшерленген жойбар Орайлық Азияда бирден-бир есапланады. Өним толық жергиликли шийки зат – ҳәк тастан алынады. Кәрхана иске түскеннен соң, шет елден сатып алынып атырған усы түрдеги өнимге болған талап қанаатландырылады, оны экспорт етиў жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы жойбардың инта көрсетиўшилери – исбилерменлер менен сәўбетлести.
«Ўзфармсаноат» компаниясы ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен 2017-2018-жылларға мөлшерленген фармацевтика саласын раўажландырыў бағдарламасының жойбарына айрықша итибар қаратылды.
«Трастбанк» тәрепинен Әндижан районында «Zamin Bio Health» жәмийетинде жыллық қуўатлылығы 10 миллион флакон инсулин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген жойбар әмелге асырылғаннан соң, 100 адам жумыс пенен тәмийинленеди.
«Ўзэлтехсаноат» акционерлик компаниясы ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен 2017-2018-жылларға мөлшерленген бул тараўды раўажландырыў бағдарламасының жойбары жаратылатуғын жумыс орынларының көп екени менен итибарды тартты.
Президентимиз «Ўзавтосаноат» акционерлик компаниясы Әндижан ўәлаятында әмелге асырыўды режелестирген жойбарлар менен танысты. Жаңа автомобиль маркасы – «Chevrolet tracker»ди ислеп шығарыў бойынша мағлыўмат берилди.
Бунда жеңил автомобильлердиң үскенелерин модернизациялаў, жеңил автомобильлердиң бөлеклерин ислеп шығарыўды жергиликлилестириў, жаңа модельдеги автомобильлер ушын интерьер, штампланған, кепсерленген панеллер, радиатр, кондиционер системалары, орынлықлар, даўыс өшириў система бөлеклери, газ шығарыў системаларын ислеп шығарыўды жолға қойыў нәзерде тутылған. Жойбарларды буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар берилди.
Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Республикасы Президентиниң Әндижан ўәлаятындағы Халық қабыллаўханасын барып көрди. Әндижан қаласы Миллий тикланиш көшеси, 24-жайда жайласқан бул қабыллаўханада халық пенен пикирлесиў, мүрәжатларды көрип шығыў ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди.
Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапар етиўи – адамлар менен шын жүректен пикирлесиўлерди, сапар даўамында белгилеп берилген үлкен дөретиўшилик жумысларды, ири жойбарлар ўәлаяттың социаллық-экономикалық раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.