– Жумыслар басабас ўақытта келген күтилмеген қуўанышлы хабар мени есеңкиретип қойды. Сыйлықланыў ойыма кирип-шықпайтуғын да еди. Жаңа ғана он бир жыллық мийнет жолына ийе болсам, – дейди «Жасорат» медалы менен сыйлықланған Махмут Отамбетов кишипейиллик пенен. Биз оның  қуўынышын бөлисиўди, пикирлери менен ортақласыўды мақул көрдик.

– Мийнет жолымды 2007-жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги өрт қәўипсизлиги басқармасы Тақыятас қаласын өрттен қорғаў бойынша узақ даўам ететуғын өртти өшириў таяныш путктине ийе 7-санлы әскерийлестирилген өрт өшириў қәўипсизлиги бөлиминде өрт өшириўши лаўазымынан басладым.

Жүзеге келген жағдайды қалыс ҳәм дурыс баҳалай алыўда устазларымнан, кәсиплеслеримнен үйренип, тәжирийбе топлап киятырман. Хызмет ўазыйпамды атқарыўда берилген барлық тапсырмаларды жуўапкершилик пенен өз ўақтында орынлаўға ҳәрекет етемен.

Бүгинги күнде Тақыятас районы әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң командири лаўызымында ислеп киятырман.

Президентимиздиң пәрманы менен «Жасорат» медалы менен сыйлықланғаным мени жигерлилик пенен мийнет етиўге, және де жуўапкерли болыўға руўхландырады.

Бүгинги раўажланыў басқышлары, ийгиликли басламалар Президентимиздиң исми менен байланыслы, деп ойлайман. Бул сыйлық маған билдирилген исеним. Мен бул исенимди ақлаўға бар күш-жигерим менен ҳәрекет етемен. Жоқары итибардан шексиз миннетдарман.

Жазып алған:

Мөлдир Игиликова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы