Нөкис горнизонының Офицерлер үйинде «Нәшебентликке қарсы гүресемиз» темасында илаж болып өтти.

Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен өткерилген илажда горнизон аймағында жайласқан  әскерий бөлимлерде миннетин атқарып атырған хызметкерлер қатнасты.

Атап өтилгениндей, нәшебентлик бүгинги күни улыўмаинсаныйлық машқалаға айланбақта. Сонлықтанда бул машқала тек бизиң елимизди емес, ал пүткил дүнья жүзин үлкен тәшўишке салмақта.  Оған қарсы гүресиў ҳәм алдын алыў бойынша халқымыз, соның ишинде, жасларымыз арасында кең көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Ҳақыйқатында, бул иллет қаншадан-қанша шаңарақларды тәшўишке салып, жасларымызды туўры жолдан адастырмақта. Бүгинги күни дүньяның айырым еллеринде жүз берип атырған диний-экстремистлик ҳәрекет қатнасыўшылары тийкарынан усы иллет пенен шуғылланыўшылар болып табылады.

Илажда шығып сөйлегенлер, ғәрезсиз елимизде бул иллетке қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти ҳәм бәршени оған қарсы биргеликте гүресиўге шақырды.

 

C. ҚӘЛЕНДЕРОВ,

Нөкис әскерий прокурорының аға жәрдемшиси.