Бүгинги күнде Президентимиз Ш.М.Мирзиеёвтиң тиккелей басшылығында мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм суд-ҳуқық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Усы реформалардың ең баслы бағдары – халқымызға ҳәр тәреплеме жеңилликлер жаратыў, олардың социаллық мәплерин толық тәмийинлеў, сондай-ақ, усы өмирден бахытлы ҳәм разы болып жасаўы ушын барлық күш және имканиятларды жаратыўдан ибарат.

Соңғы ўақытлары прокуратура уйымларының жумысларын еле де жетилистириў, ҳалқымыздың аўырын жеңиллетиўде оның орнын буннан былай да күшейтиў, қалаберди нызам үстинлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Президентимиздиң 2018-жыл 17-апрель күнги «Аўыл ҳәм суў хожалығында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5418-санлы Пәрманында (14 бәнттен ибарат) азық-аўқат қәўипсизлигин ўәкилликли уйымлары дурыс тәмийинлей алмағаны, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында узақ мүддетли пуқта сиясат қәлиплеспегени, жүзеге келген машқалаларды шешиў бойынша анық илажлар белгиленбегени, ҳақыйқый мәлимлеме жыйнаў ҳәм талқылаў дурыс жолға қойылмағаны, тармақты модернизациялаў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў бағдарындағы жумыслар итибардан шетте қалғанлығы айтылған.

Сол себепли, прокуратура уйымларына үлкен исеним билдирилип, Пәрманның  4-бәнтине тийкарланып:  агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигиниң жағдайы, усы тараўда нызам ҳүжжетлери  менен нормативлик ҳүжжетлер талапларының орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ушын жуўапкер болған Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанында Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийнлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы шөлкемлестирилди.

Сондай-ак, Пәрманның 5-бәнтине муўапық, 2018-жыл
1-август күнинен баслап, усы дәўирге шекем ҳәрекетте болған, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик Дән инспекциясы, Машина ҳәм әсбап-үскенелердиң техникалық ҳалатын қадағалаў бас мәмлекетлик инспекциясы, Шарўашылықта нәсилшилик ислери бас мәмлекетлик инспекциясы, «Өзсуўқадағалаў» республикалық суў инспекциясы, «Өзмәмтуқымқадағалаўорайы» инспекциялары өз жумысларын тамамлайтуғынлығы белгиленген.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Президентимиздиң 2018-жыл 7-май күнги «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3699-санлы қарары қабыл етилип, сол тийкарда инспекциямыз шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, 2018-жыл 1-августтан баслап «Өзстандарт» агентлигиниң «Өзбекстан пахта өнимлерин сертификатластырыў «Сифат» орайы мәмлекетлик кәрханасы қысқаратуғынлығы көрсетилген еди.

Ҳәзирги күнде усы 4 инспекция ҳәм 2 орай жаңадан шөлкемлестирилген инспекциямызға өткерилди ҳәм толығы менен өз жумысын баслады.

Қарарға муўапық, аўыл ҳәм суў хожалығы, сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында нызам ҳүжжетлери ҳәм нормативлик ҳүжжетлер талапларына әмел етиў ҳалаты, экспорт-импорт ҳәм республика ишки тасыўларында дән егинлери, пахта шийки заты, аўыл хожалығы егинлери туқымларын, олардан қайта исленген өнимлердиң сапалылығын мәжбүрий мәмлекетлик тексериўден өткериў, ҳуқықбузарлықларды анықлаў, олардың келип шығыў себеплерин, шараятларын сапластырыў жумысларын әмелге асырыў бағдарында комплексли илажларды әмелге асырыў, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди алып барыў инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген.

Өзбекстан Республикасы «Прокуратура ҳаққында»ғы нызамының 4-статьясында, прокуратура уйымларының тийкарғы бағдарлары белгиленген болып, онда нызам дөретиўшилиги ҳәмде жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыўда қатнасыў анық белгиленген.

Буннан тысқары, усы нызамның 5-статьясында прокуратура уйымларын шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысларының тийкарғы принциплери – бирлик, орайласқанлық, нызамлылық, бийғәрезлик ҳәм жәриялылық екенлиги айқын көрсетип өтилген.

Бас прокурордың 02.09.2017-жылдағы «Прокуратура уйымларының жәмийетшилик пенен байланысларын тәмийинлеў ҳәм ҳуқықый мәлимлеме жеткериў бағдарында жумыс өнимдарлығын арттырыў ҳаққында»ғы   буйрығы менен, нызамшылықты беккемлеў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиў, нызамшылықты үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўда қатнасыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, сондай-ақ, әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин, әҳмийетин пуқараларға және тиккелей орынлаўшыларға жеткериў, нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жәмлестириў прокуратура уйымларының тийкарғы ўазыйпалары етип анық белгиленген.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, ҳәзирги күнде инспекцияның шөлкемлестирилиўи менен байланыслы нызамшылыққа киргизилип атырған жаңа өзгерислер ҳәм қосымшалар менен таныстырмақшыман.

Президентимиз тәрепинен 2018-жыл 23-июльда қол қойылған 486-санлы Нызам тийкарында:

Өзбекстан Республикасы «Прокуратура ҳаққында»ғы нызамы «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери ҳаққында»ғы 182– статьясы менен толықтырылды.

Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң «Тергеў алды тексериўди әмелге асырыўшы уйымлар ҳаққында»ғы 391-статьясы «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы ҳәм де оның орынлардағы бөлимлери – аўыл ҳәм суў хожалығы, сондай-ақ азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы нызам ҳүжжетлери ҳәм нормативлик ҳүжжетлери талапларының бузылыўы туўралы ислер бойынша» 12-бәнт пенен толықтырылды.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы уйымлары хызметкериниң нызамлы исине тосқынлық етиў ҳәм оның талапларын орынламаў» ҳаққындағы 1973– статьясы менен толықтырылды.

Өзбекстан Республикасы «Нәсилшилик ҳаккында»ғы Нызамының 7 ҳәм 9-статьяларында нәзерде тутылған ўәкилликлер ҳәм ҳуқықлар Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясына өткерилгенлиги ҳаққында өзгерис киргизилген.

Өзбекстан Республикасы «Туқымгершилик ҳаққында»ғы нызамының 16 ҳәм 17-статьяларында нәзерде тутылған ўәкилликлер ҳәм ҳуқықлар Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясына өткерилгенлиги ҳаққында өзгерис киргизилген.

Өзбекстан Республикасы «Селекция табыслары ҳаққында»ғы нызамның 4-статьясы 3-бөлимине талапнамада көрсетилген селекция табысларының патентке уқыплылығын Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы экспертизадан өткеретуғынлығы ҳаққындағы өзгерислер киргизилген.

Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 30-статьясы
5-бөлимине Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының қадағалаў функцияларын әмелге асырғаны ушын көрсетилетуғын хызметлер усы кодексте нәзерде тутылған салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлеўден азат етилиўи (бирден-бир социаллық төлем буған кирмейди) менен байланыслы өзгерислер киргизилген.

Улыўма айтқанда, жумысларымызда жәриялылықты енгизиў тийкарғы ўазыйпаларымыз болыўы тийис. Усы арқалы ҳалқымыздың ҳуқықый санасы ҳәм мәденияты және де жетилисип барады.

 

 М.Г.МАТЧАНОВ,

Инспекция ҚР Басқармасының баслығы,

әдиллик киши кеңесшиси.